Ҳәзирги ўақытта электр энергиясы есаплағышының орташа баҳасы 400-500 мың сумды қурайды, деп жазады Kun.uz.

Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 12-январьдағы «Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыў тәртибин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында турмыслық тутыныўшыларға электр энергиясы есаплағышларын сатып алыў, орнатыў, дизимге алыў, дәўирлик мәмлекетлик салыстырыўдан өткериў ҳәм пломбалаў аймақлық электр тармақлары кәрханасының қаржылары есабынан әмелге асырылыўы белгиленген.

Егер де сиз усы сыяқлы жағдайға машқалаға дус келсеңиз ямаса тәбийғый монополия субъектлери тәрепинен мәплериңиз кемситилип атырған болса, Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетине ямаса оның аймақлық басқармаларына белгиленген тәртипте мүрәжат етиўиңиз мүмкин. Мүрәжат ушын телефон: (71) 207-47-00.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.