Усы жыл 2-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Шамурат Өтемуратовтың туўылғанының 90 жыллығына бағышланған еслеў кешеси болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры тәрепинен шөлкемлестирилген илажда Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери А.Жүзимбетов. Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Н.Аңсатбаев, академик Ж.Базарбаев, Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, күлки шебериниң республикамыздың көркем өнерин, соның ишинде. театр ҳәм кино тараўын раўажландырыўдағы узақ жыллық жемисли мийнетине тоқтап өтти.

Ҳақыйқатында да, Шамурат Өтемуратов халқымыздың сүйикли актёрларынан бири болды. 1955-жылы Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм сүўретшилик институтын питкерип келгеннен кейин ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында актёр болып жумыс баслады ҳәм өмириниң ақырына шекем усы жерде мийнет етти.

Өзиниң өмири даўамында қарақалпақ сахнасында өлмес образлар дөретти. Оны халқымыз комик актёр сыпатында биледи ҳәм ҳүрмет етеди. Солай да болса. қайсы жанрдағы роль берилсе де шеберлик пенен атқарып шығатуғын еди. Олардан «Скапенниң ҳийлеси» спектаклиндеги Скапен, Раўшандағы Саттар, Бердақ спектаклиндеги Қутым суўпы, «Ғәрип ашық» тағы молла, «Сүймегенге сүйкенбе» спектаклиндеги Шыраз молла, «Келин» спектаклиндеги Дарымбет, «Жаралы жүреклер»деги Сапар ата, «Өжет» спектаклиндеги Матирза, «Әзирейлини алдаған адам» спектаклиндеги Әлмендер. «Аты өшсин» спектаклиндеги Тессаферин ҳәм басқа да образларын атап өткен орынлы.

Ш.Өтемуратов Қарақалпақстан радиосындағы «Тикенек» сатиралық журналының, Қарақалпақстан телевидениесинен берилетуғын телевизиялық миниатюралар театрының тийкарын салыўшылардан бири болды.

«Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған «Танк» фильми оның даңқын пүткил елимизге танытты. Бүгинги күни оны сүйип тамаша етпейтуғын адамның өзи жоқ, десек асыра айтқан болмаймыз. Сонлықтан да, өмирин қарақалпақ көркем өнериниң раўажланыўына, көплеген талантлы шәкиртлер таярлаўға жумсады.

Оның театр өнерин раўажландырыўда қосқан үлеси ўақтында ылайықлы баҳаланды. 1957-жылы «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист», 1963-жылы «Қарақалпақстан халық артисти», 1977-жылы «Өзбекстан халық артисти»  ҳүрметли атақлары менен сыйлықланған болса, 1986-жылы оған Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлық берилди.

-Шамурат Өтемуратов ҳақыйқый талант ийеси еди.-деп еске алады бирге оқыған дослары атынан сөзге шыққан, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Аманияз Жүзимбетов.- Сонлықтан да жоқары оқыў орнын питкерип келгеннен соң еки жылдан кейин ол «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист» ҳүрметли атағына миясар болды. Оның театр сахнасындағы, кинодағы атқарған рольлери арадан қанша жыллар өтсе де умытылмайды, халқымыздың жүрегинде мәңги сақланады.

Илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры, қуўыршақ театры жәмәәтлери, Өзбекстан  көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студент жаслары тәрепинен ол атқарған рольлерден үзиндилер көрсетилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.