Мәмлекетимизде бүгинги күнде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, үлкен дөретиўшилик, руўхый тараўдағы түпикиликли өзгерислер тийкарында әзелден халқымызға тән кеңпейиллик ҳәм кеширимлилик пазыйлетлерин жәмлеген.

Қала ҳәм аўылларымыздың келбетин буннан былай да абат етиў, жаңа өндирис және социаллық объектлерди қурыў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта. Булардан гөзленген мақсет – халқымыздың абаданлығын арттырыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыўдан ибарат.

Мине усындай жаңаланыў процесслеринде белсене қатнасып атырған пуқараларымыз бенен бир қатарда, турмыс жолларында адасып, ҳәзирги ўақытта қәтелеринен дурыс жуўмақ шығарған ўатанласларымызға мәмлекетимиздиң раўажланыўына үлес қосыў ушын және бир мәрте имканият бериў – жәмийетимиздиң инсаныйлық ҳәм әдиллик принциплерине үнлес болып есапланады.

Бизге белгили, жынаят ислеген шахс тек ғана өзиниң емес, ал перзентлери, ата-анасы, туўған-туўысқанларының да келешеги ҳәм тәғдирине тәсир өткермей қалмайды. Еркинен айрылған адам әзиз перзетлерин өз меҳринен айырып ата-аналарын да айралық дәртине дуўшар етеди.

Сол себепли, қәтелескен ҳәм бүгинги күнде қылмысына шын кеўилден пушайман болған шахсларды кешириў – жоқары инсаныйлық үлгиси болып, ол жақын инсанын азап ҳәм интизарлық менен күтип атырған пүткиллей бир шаңарақты жаңадан өмирге қайтарыў менен тең болып есапланады.

Әне усындай жағдайларды есапқа алып, бүгин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайытын белгилеў алдынан мәмлекетимиздиң гуманистлик сиясатының ҳәм халқымызға тән жақсылық және меҳир-мүриўбет, кеширимли болыў сыяқлы жоқары инсанийлық пазыйлетлердиң әмелий тастыйғы сыпатында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дурыс жолға исенимли өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.

Бул инсаныйлық акти – мәмлекетимиздиң ҳәр қандай жағдай да пуқаралар ушын ғамқорлығының айқын көриниси болып есапланады.

Жынаятқа қол урған, басы тасқа тийгеннен соң адасқанын түсинип жеткен адамларды әпиў етиў – муқаддес динимиздиң де тийкарғы пазыйлетлериниң бири болып есапланады.

Пәрманға муўапық ислеген жынаяты ушын еркинен айырыў орынларда жазаны өтип атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дурыс жолға исенимли өткен 575 пуқара әпиў етилди.

Олардың 361и жазадан толық азат етилип, ата-анасы, перзентлери ҳәм жақынларының қушағына қайтарылады, 214 шахстың еркинен айырыў жаза мүддетлери қысқартылады.

Әпиў етилгенлердиң 7 ин 60 жастан өткен шахслар, 6 ын ҳаяллар, 1 ин сырт ел пуқарасы қурайды.

Мәмлекетимиз басшысы Пәрманда атап өткениндей, жынаят ислеген шахсларды тек ғана жазалаў емес, ал «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» идеясы тийкарында қайта тәрбиялаў, олардың өзиниң ҳадал мийнети менен жәмийетте мүнәсип орын ийелеўи ушын ҳәммемиз бирдей жуўапкермиз.

Соған бола, Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде әпиў етилген шахслардың социаллық бейимлесиўи, оларды пайдалы мийнетке тартыў ҳәм саламат турмыс тәризин жолға қойыўға жәрдемлесиў бойынша жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм ҳәкимликлерге тийисли тапсырмалар берилди.