USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

АДАМЛАР БҮГИНИНЕН КЕЎЛИ ТОЛЫП, ЕРТЕҢГИ КҮНИНЕ ИСЕНИМ МЕНЕН ЖАСАЎЫ КЕРЕК

Нурафшан қаласында 3-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ташкент ўәлаятының белсендилери, ҳәкимлер ҳәм секторлар басшыларының, министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери қатнасыўында мәжилис болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы өзи тиккелей орынларға барып, басшыларды жиберип, ең әҳмийетли мәселелер шешилип, барлық жерде өзгерис жүз берип атырғанын, бирақ Ташкент ўәлаяты «оянбай атырғаны»н атап өтти.

Ўақыт тез өтип атыр. Ҳәр бир күн, ҳәр бир минут ғәниймет. Биз сиясатты белгилеп, жаңадан-жаңа имканиятлар жаратып атырмыз. Жуўапкерлер қатаң талап етип, төменги системадағы басшылар жан күйдирип ислеп, нәтийжени тәмийинлеўи керек. Адамлар қуры гәпти көтермейди. Ташкент ўәлаятында болса жанланыў бақланбай атыр. Қәне бәсеки, қәне илим, қәне нәтийже, қәне баслама, деп мүрәжат етти Шавкат Мирзиёев мәжилис қатнасыўшыларына.

Үлкен экономикалық потенциал бар бола турып, ўәлаяттағы резервлер менен имканиятлар толық иске қосылмай, санаат тараўы елеге шекем бир неше ири кәрхана менен шекленип қалып атырғаны көрсетип өтилди. Бўка, Пскент, Паркент, Оҳангарон, Бекабад, Төменги Шыршық, Аққорған ҳәм Чиназ районларында санааттың раўажланыў көрсеткишлери төменлигинше қалмақта. Төменги Шыршық, Бекабад, Оҳангарон, Пскент ҳәм Бўка районларында халықтың жан басына хызмет көрсетиўдиң көлеми мәмлекет бойынша орташа көрсеткиштен 2-3 есеге аз.

Мәжилисте исбилерменлик ҳәм аўыл хожалығы, бәнтлик, социаллық шараятларға байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Президент Ташкент ўәлаятының экономикасын раўажландырыў, жаңа кәрханалар ҳәм жумыс орынларын жаратыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

2019-2020-жыллар ушын улыўма нырқы 39 триллион 833 миллиард сумға тең  784 инвестициялық жойбардан ибарат жаңа аймақлық бағдарлама қәлиплестирилгени атап өтилди. Олардың 15и мәмлекетлик әҳмийетке ийе ири жойбар болса, 769ы аймақлық бизнес ҳәм инвесторлардың қатнасыўында әмелге асырылады.

Дизимнен өткен киши бизнес субъектлериниң 17 проценти ислемей турғаны, Ангрен қаласы ҳәм Чиназ районында бул көрсеткиш 30-33 процентке шығып кеткени сынға алынды. Олардың жумысын тиклеў, өз бизнесин басламақшы болған шаңарақларға «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде быйыл 350 миллиард сум муғдарында жеңилликли кредитлер ажыратыў бойынша тапсырма берилди. Талап болса, жаңа және қосымша қаржы ажыратылады.

Не ушын шаңарақлық исбилерменлик, үйлерде қусшылық, шарўашылық, қыйтақ жер болсын, деп атырмыз! Адамлардың дәраматы артыўы, төлеў қәбилети жоқары болыўы керек, деди мәмлекетимиз басшысы.

«Ангрен» еркин экономикалық зонасында 470 гектар ҳәм «Бўстонлиқ-фарм» зонасында 20 гектар майдан елеге шекем жойбарлар менен толықтырылмаған. Сонлықтан «Ангрен» еркин экономикалық зонасы Қубла Кореяның «Инчон» еркин экономикалық зонасына исенимли басқарыўға берилгени мәлим етилди.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, ўәлаят ҳәкиминиң инвестициялар бойынша орынбасарына ўәлаяттағы 20-30 исбилерменди таңлап, Корея Республикасына хызмет сапарын шөлкемлестириў ўазыйпасы тапсырылды. Исбилерменлер «Инчон» еркин экономикалық зонасының жумысы менен тиккелей танысады.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент ўәлаятындағы социаллық ҳәм коммуналлық тараўларға байланыслы мәселелерге айрықша итибар қаратты.

Ўәлаятта халықтың тек ғана 64 проценти орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленгени үлкен машқала. Бул – есап көрсеткиши. Әмелде бул цифр 40-50 процент. Бўка, Төменги Шыршық, Орта Шыршық, Жоқары Шыршық районлары ҳәм Нурафшан қаласында 30 процентке де бармайды. Сондай шараятта басшылар қалай кабинетинде қәтержам отырады, деди Шавкат Мирзиёев.

Бул машқаланы шешиў мақсетинде быйылғы жылы 440 километр ишимлик суўы тармақлары ҳәм 301 суў қурылмасында қурылыс-оңлаў жумысларын орынлаў режелестирилген. Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында 144 миллион долларлық бул жойбардың биринши басқышы шеңберинде қурылыс жумыслары баслап жиберилген.

Ўәлаятта актуал болған және бир машқала экология менен байланыслы. Ташкент қаласында турмыслық шығындылар тасланатуғын Оҳангарон районындағы полигон 98 процентке толған. Оны жаўып, жаңасын қурыў керек. Бул тазалық, халықтың саламатлығын тәмийинлеў ушын  үлкен әҳмийтке ийе, деди мәмлекетимиз басшысы.

Ишимлик суўы, ақаба системасы объектлери менен бирге улыўма орта билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў, автомобиль жоллары менен байланыслы машқалаларды жедел шешиў бойынша тапсырмалар берилди. Бул ушын қосымша рәўиште 1 триллион 100 миллиард сум қаржы ажыратылатуғыны мәлим етилди.

Президентимиз Нурафшан қаласында бас реже тийкарында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жойбарлары менен танысты.

Бул қала 2017-жылы Ташкент ўәлаятының административлик орайына айландырылып, жуўапкер уйымлар менен шөлкемлер бул жерге көширилди, оларға зәрүр шараят жаратылмақта. Өткен жылы қаланың бас жойбары ислеп шығылды.

Жаңа административлик орайда халыққа барлық шараятларды жаратыў, инфраструктура ҳәм коммуникацияларды жаңалаў, пайтахтымызда басланған дөретиўшилик процесин ўәлаят орайына да кеңнен ен жайдырыў мақсетинде 246 гектар майданда «Smart сity» қурыў жойбарластырылмақта.

Толық ақыллы технологияларға тийкарланатуғын бул «ақыллы қалаша» үш басқышта қурылады. Биринши басқышта жәми 1792 квартиралы тоғыз ҳәм он еки қабатлы жайлар қурылады. Жаңадан бой тиклеп атырған Нурафшон университети жаслардың заманагөй кәсип-өнер ийелеўине тийкар жаратса, жабық спорт комплексинде көркем гимнастика, теннис, гүрес ҳәм қылышласыў сыяқлы спорт түрлери бойынша ири жарыслар өткериледи.

Шавкат Мирзиёев жақында пайтахтымыздағы Чиланзар районының Бағистон көшесинде қурылып атырған 9 қабатлы жайлар менен танысыў ўақтында бундай турақ жайларды ўәлаяттың орайларында да қурыў зәрүрлигин атап өткен еди. Бул усыныс тийкарында Нурафшанда 21 сондай жай қурыў бойынша жойбар ислеп шығылды. Сондай-ақ, 360 орынлық бақша, 1 мың 200  орынлық мектеп, мәдений-турмыслық объектлер, дем алыў  аймақлары жаратылады.

Нурафшон мәмлекетимизде қала қурылысы бойынша жаңа тәжирийбе майданы болмақта. Бул жердеги шараят, социаллық тараў объектлери Ташкенттегиден кем болмайтуғынын, керисинше, бәсекилесе алатуғын болыўы керек. Бул ушын ҳәр бир жойбарды пуқта ислеў, узақты гөзлеп ис тутыў керек, деди мәмлекетимиз басшысы.

Нурафшанда канализация тармағы улыўма талапқа жуўап бермейтуғын еди. Ҳәрекеттеги тазалаў қурылмасы пүткил қаланы қамтып ала алмайды. Сонлықтан қурылыс даўамында инженерлик коммуникациялар пүткиллей жаңаланады.

Қаланың орайлық Ташкент жолы көшеси де жаңадан қурылмақта. Көше бойындағы бир қабатлы ески имаратлардың орнында 7 ҳәм 9 қабатлы жайлар, сервис шақапшалары, саламатлық орайлары, гипермаркетлер қурылысы басланған. Ҳәр бир имарат алдында автомобиль тоқтаў орынлары  болыўы нәзерде тутылған.

Төрт полосалы магистрал автомобиль жолы менен бирге ишки жол да қурылмақта. Велосипед ҳәм пиядалар жолларына орын ажыратылған. Ирригация тармақлары ушын жаңа түрдеги жабық лотоклар орнатылып, көшениң бойлары көклемзарластырылмақта.

Ташкент жолы көшесинде тығылыстың алдын алыў мақсетинде қаланың кириў бөлегине «Smart сity» орайына баратуғын жаңа 4  километрлик көшениң қурылыўы режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта халықты жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде заманагөй өндирис кәрханаларын қурыў ушын 100 гектарлық технопарк жаратыў бойынша жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлер ислеп шығылмақта.

Президентке ўәлаяттың халқын ишимлик суўы менен тәмийинлеў жойбарлары да усынылды. Мәмлекетимиз басшысының тапсырмалары тийкарында 2022-жылға барып, ўәлаят халқының ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежесин 92 процентке жеткериў имканиятын беретуғын бул жойбарлар ушын халықаралық финанс институтларының қаржылары тартылады.

Орта Шыршық районындағы 50 гектарлық майданда инновациялық саўда комплексиниң қурылыўы мөлшерленбекте. Жойбардың нырқы 50 миллион доллар болған комплексте 5 мың дүкән жайласады, 10 мыңнан аслам жумыс орны жаратылады. 2021-жылы иске түсирилетуғын комплексте азық-аўқат емес өнимлер, турмыслық товарлар, қурылыс материалларының саўдасы жолға қойылады.

Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаяты мәмлекетимиздиң әҳмийетли логистика орайы екенин, ири саўда ҳәм хызмет көрсетиў комплекслерин қурыўда аймақтың усы имканиятын итибарға алыў зәрүрлигин атап өтти. Ҳәр бир жойбарды сапалы ҳәм өз мүддетинде әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берди.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары