Усы жылдың 1-июнь күни намәлим басқарыўшы «Матиз» маркалы автомашинасын Елликқала районындағы «Әмирабад» АПЖ аймағынан өтетуғын ишки жолда басқарып баратырып, жолдың шетинде тоқтап турған «Коинот» мәкан пуқаралар жыйынында жасайтуғын 26 жаслы Н.С. басқарыўындағы «Восход» маркалы мотоциклди дүгип кеткен.

Намәлим шахс ўақыя орнынан қашып кеткен. Мотоцикл басқарыўшысы емлеўханаға алып баратырғанда қайтыс болған.

Жағдай бойынша жынаят иси ашылған. Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жол-транспорт ҳәдийсесин Еллиқала районындағы «Сарыбий» АПЖда жасайтуғын 31 жаслы Р.С. басқарыўындағы «Матиз» маркалы автомашинасында әмелге асырғаны анықланып, усланған.

Тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.