Хожели районындағы «Наўрыз» МПЖ аймағында жайласқан, көп тармақлы поликлиниканың 1-санлы филиалында «Мастер энергострой монтаж» ЖШЖ тәрепинен ири капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылып, 1-июнь күни усы объектти тапсырыў мәресими болып өтти. Филиал заманагөй медициналық әспаб-үскенелер ҳәм инвентарьлар менен тәмийинленип, онда арзанлатылған социаллык дәрихана иске түсти.

Усы күни районда тазадан салынған 1-, 12-, 13-санлы ҳәм реконструкцияланған 22-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң ашылыў мәресими де өткерилди. Сондай-ақ, «Саманкөл» АПЖ аймағында «Қамысшалы» халыққа комплексли хызмет көрсетиў орны иске түсти.

– 1-июнь күни районымыз жаңалықларға бай болды. Бир жаңа поликлиниканың, 4 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң ҳәм бир комплекли хызмет көрсетиў орнының ашылыўы аймақ турғынларын үлкен қуўанышқа бөледи,-дейди аймақ турғыны, «Хожели ҳақыйқаты» газетасының бас редакторы Н.Пахратдинов.

Ашылыў мәресимлерине район ҳәкими Ж.Ермашев, аймақ турғынлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.