Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары ҳәм перзентлери ушын байрам илажы шөлкемлестирилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан бөлиминиң артисти Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, эллюзионист Жолдасбай Қалбаев ҳәм кәсиплеслери қызықлы тамашалар көрсетип, балаларды қуўанышқа бөледи.

 

– Ушырасыўда балалар да өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алыўға ҳәрекет етти,-дейди басқарманың кәсиплик аўқамы баслығы Д.Алжанова. –Әсиресе, олардың артист тәрепинен көрсетилген фокусларда қатнасыўы, олар ушын оға да қызықлы болды. Кеўилли дем алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.