Өзбекистан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Елимизде электр ҳәм газ тәмийнаты системасын избе-из модернизациялаў ҳәм технологиялық қайта үскенелеў, энергияны үнемлеў тийкарлары ҳәм жеткерип берилген электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын өз-ара есап-санақлар механизмлерин жетилистириў илажлары көрилмекте.

Әмелге асырылып атырған илажлар турақлы социаллық-экономикалық өсим, искерлик белсендилигин ҳәм елимиздиң инвестициялық тартымлылығын, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм абаданлығын арттырыўдың әҳмийетли факторларынан бири болған энергетика тармағын раўажландырыўға қаратылған.

Соның менен бирге, тутыныўшылар топарын есапқа алған ҳалда жеткерип берилип атырған энергия ресурсларының нырқын анықлаўда дифференцияланған көз-қарастың жоқ екени олардан намақул рәўиште пайдаланыўға алып келмекте, энергия үнемлегиш технологиялар ҳәм альтернатив энергия дәреклерин енгизиўди хошаметлемей атыр.

Қала қурылысы саласындағы әмелдеги норма ҳәм қағыйдалар объектлердиң энегия нәтийжелигин тәмийинлейтуғын замангөй талапларға жуўап бермейди. Сондай-ақ, имаратлар менен объектлердиң қурылысында ҳәм реконструкция етилиўинде энергия үнемлегиш материаллар менен технологияларды пайдаланыўға жеткиликли итибардың жоқ екени де энергия ресурсларының артықша жумсалыўына алып келмекте.

Электр ҳәм газ тәмийинаты системасын буннан былай да жетилистириў, базар механизмлерин кеңнен енгизиў арқалы энергия ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, бул салада көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын жақсылаў мақсетинде:

  1. «Өздавэнергоназорат» МИ, «Өздавнефтгазинспекция» МИ, «Өзтрансгаз» АЖ ҳәм «Өзбекэнерго» АЖның жумысы қанаатландырарсыз деп табылсын.
  2. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, «Өздавэнергоназорат» МИ, «Өздавнефтгазинспекция» МИ ҳәм «Энергия үнемлеў миллий компаниясы» АЖның төмендеги тәртипти белгилеў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин:

а) 2018-жыл 1-январьдан:

қосымшаға муўапық дизим бойынша өним ислеп шығаратуғын ҳәм айырым хызметлер көрсететуғын тутыныўшылар электр энергиясы (750кВА қа шекем болған қуўатлылыққа жалғанған) ҳәм тәбийғый газ ушын төлемлерди Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары менен орнатылатуғын өсип баратуғын коэффициентлер ҳәм тарифлерге муўапық әмелге асырады;

750кВА ҳәм оннан жоқары болған қуўатлылыққа жалғанған (бюджет шөлкемлери, фермер хожалықлары ҳәм суў тутыныўшылары ассоциацияларының насос станциялары, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын насос станциялары буған кирмейди) тутыныўшылардың электр энергиясы ушын есап-санақларды екинши топар тарифлер бойынша төлемлерди әмелге асыратуғын юридикалық шахслар ушын тариф муғдарында белгиленетуғын суткалық ўақытлардың дифференцияласқан тарифи бойынша әмелге асырады.

Бунда бирден-бир электр энергетика системасының ең үлкен жүклемели саатларында (тығыз пайыт – белгиленген тәртипте орнатылған азанғы ҳәм кешки «ең үлкен муғдар») пайдаланылған электр энергиясы ушын төлемлер белгиленген тарифке салыстырғанда 1,5 есе муғдарында өсиўши коэффициентти қолланыў арқалы ең аз жүклемели саатларда болса (түнги ўақыт – сутканың қараңғы ўақты) белгиленген тарифке салыстырғанда 1,5 есе муғдарында азайыўшы коэффициент қолланыў арқалы ҳәм ярым тығыз пайытта (сутканың жақты ўақты) орнатылған тариф бойынша әмелге асырылады;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң имаратлары менен объектлерин, сондай-ақ, көп квартиралы турақ-жай фондын жойбарлаўда, реконструкциялаўда, қурыўда ҳәм пайдаланыўға тапсырыўда оларда энергия тәсиршең және энергия үнемлегиш технологиялардан пайдаланылғаны бойынша қала қурылысы нормалары менен қағыйдаларына муўапықлығы тексериледи;

жеке тәртиптеги турақ жай қурылысынан тысқары, барлық имаратлар менен объектлерди жойбарлаўда, реконструкциялаўда ҳәм қурыўда, ыссы суў тәмийинаты ушын сертификатластырылған қуяш суў ысытыў қурылмаларын, сондай-ақ, энергия үнемлегиш лампаларды мәжбүрий тәртипте орнатыў нәзерде тутылады;

б) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер 2022-жыл 1-январьдан:

олардың балансында болған имарат ҳәм объектлерде ыссы суў тәмийинаты ушын тек ғана сертификатланған қуяш суў жылытыў қурылмаларынан, сондай-ақ, елимизде ислеп шығарылған ишки жақтыландырыў энергия үнемлегиш лампалардан пайдаланыўы шәрт;

орайластырылған ыссы суў тәмийинатынан үзип қойылады.

  1. «Энергия үнемлеў миллий компаниясы» АЖ:

а) Өзбекистан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм басқа да уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң имаратлары менен объектлеринде қуяш суў ысытыў қурылмалары ҳәм жергиликлилестирилетуғын өнимлер тийкарында елимизде ислеп шығарылған энергия үнемлегиш лампаларды орнатыў басқышларын, сондай-ақ, жергиликлилестирилетуғын өнимлер тийкарында ыссылық ҳәм электр энергиясынан пайдаланыў көлемин есапқа алған ҳалда бул өнимди анық жеткерип бериўшилерди белгилеў бойынша усынысларды Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер еки ҳәпте мүддетте қуяш суў ысытыў қурылмалары менен энергия үнемлегиш лампаларды енгизиў жағдайлары, ыссылық ҳәм электр энергиясынан пайдаланыў көлеми, кадастр ҳүжжетлерин қосымша еткен ҳалда олар тәрепинен ийелеп турған майданлардың өлшеми ҳаққындағы техникалық мағлыўматларды ҳәм аймақтың инженерлик коммуникациялары сәўлеленген жобасын «Энергия үнемлеў миллий компаниясы» АЖға усыныўын тәмийинлесин;

б) «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, басқа да мәпдар министрликлер менен ведомстволар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, ыссылық ҳәм электр энергиясы, сондай-ақ, биогаз ислеп шығарыў менен шуғылланатуғын жеке кәрханалар менен биргеликте үш ай мүддетте:

ыссылық ҳәм электр энергиясы, сондай-ақ, биогаз ислеп шығарыў және тутыныўшыларға тиккелей жеткерип бериў менен шуғыланатуғын кәрханалар тәрепинен «Өзбекэнерго» АЖның электр тармақлары ҳәм «Өзтрансгаз» АЖның газ бөлистириў тармақларынан пайдаланбаған ҳалда ыссылық ҳәм электр энергиясы және биогазды реализациялаў тәртибин ислеп шықсын;

ыссылық ҳәм электр энергиясы, сондай-ақ, биогаз ислеп шығарыў менен шуғылланатуғын жеке кәрханалар тәрепинен реализацияланатуғын ыссылық ҳәм электр энергиясы және биогазға коммерциялық баҳаларды белгилеў бойынша усынысларды Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Қала қурылысы нормалары менен қағыйдалары Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи, энергия тәсиршең ҳәм энергия үнемлегиш технологияларды қолланыў бойынша болса «Энергия үнемлеў миллий компаниясы» АЖ менен де мәжбүрий тәртипте келисилиўи шәрт.
  2. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети Әдиллик министрлиги, Қаржы министрлиги, «Энергия үнемлеў миллий компаниясы» АЖ және басқа да мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте:

еки ай мүддетте имаратлар менен объектлерди энергетикалық аудиттен өткериў, белгиленген қала қурылысы нормалары менен қағыйдаларына муўапықлық паспортын ямаса тийисли нормалардан артып кетиў жағдайларын сапластырыў зәрүрлиги ҳаққында жуўмақ бериў, сондай-ақ, олардың энергия нәтийжелилиги категориясын анықлаў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

2018-жыл 1-мартқа шекем мүддетте әмелдеги қала қурылысы нормалары менен қағыйдаларын олардың қайта көрип шығылыўы ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлеген ҳалда сын көз-қарастан үйренип шықсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги «Өзэлтехсанаат» АЖ, «Энергия үнемлеў миллий компаниясы» АЖ, «Өзбекэнерго» АЖ, Мәмлекетлик салық комитети, Саўда-санаат палатасы және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте энергия үнемлегиш лампалар ислеп шығарылыўының жергиликлилестирилиўин кеңейтиў және оларды турақ жай ҳәм адам турмайтуғын жайларда басқышпа-басқыш енгизиў бойынша комплексли бағдарлама жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети, «Энергия үнемлеў миллий компаниясы» АЖ, басқа да мәпдар министрликлер менен ведомстволар, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2018-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң имаратлары менен объектлерин, сондай-ақ, көп квартиралы турақ жай фондын энергетикалық аудиттен өткериў бағдарламасының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте 2018-жыл 1-февральға шекем мүддетте фермер хожалықлары ҳәм суў тутыныўшылары ассоциацияларының әмелдеги насос станцияларын олардың техникалық жағдайы, қуўатлылығы, баланста сақлаўшысын анықлаў, фермер хожалықлары жер участкаларында электр энергиясы ҳәм суўды жумсаўдың нәтийжелилиги көз-қарасынан, сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимлериниң түрлери ҳәм республика районлар кесиминде насос станциялары менен суўғарылатуғын жер майданларының, төмен нәтийжели ҳәм энергияны көп жумсайтуғын насослардың бар екени, электр энергиясын есаплаў үскенелери, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар менен шәртнамалардың бар екенин инвентаризациядан өткерсин.

Инвентаризацияның жуўмағына бола, Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги және Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги «Өзбекэнерго» АЖ, Министрлер Кабинети жанындағы Аўыл хожалығы өнимлерин мәмлекетлик сатып алыў ҳәм аўыл хожалығын техника менен үскенелеўди мақсетли қаржыландырыў қоры менен биргеликте 2018-жыл 1-мартқа шекем насос станцияларынан пайдаланыў менен байланыслы эксплуатация етиўши шөлкемлерди, қаржыландырыўдың анық дәреклерин анықлаў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ:

Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2018-жыл 1-июльге шекем бухгалтерлик, қаржылай, өндирис ҳәм басқарыў есабын автоматластырыў бойынша бағдарламалық комплекслерди өз ишине алған басқарыўдың бирден-бир мәлимлеме системасын ислеп шықсын ҳәм ведомстволық бойсыныўындағы кәрханаларға енгизсин;

Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар және Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин шөлкемлестирсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги басқа да мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 8-ноябрь

* * *

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Энергия ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарына ТҮСИНИК

Жанылғы-энергетика комплексин модернизациялаў ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў, электр энергиясынан ҳәм тәбийғый газден ақылға муўапық пайдалыныўға өтиў елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли социаллық-экономикалық реформалар жетискенлигиниң гиреўи болып табылады.

Соның менен бирге, энергетикалық сектордағы жумыслардың ҳақыйқый жағдайы энергия үнемлегиш технологиялардың жеткиликли дәрежеде енгизилмей атырғаны ҳәм әмелдеги қала қурылысы нормалары менен қағыйдалары толық емеслигинен дәрек береди.

Мәмлекет басшысы тәрепинен қабыл етилген «Энергия ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарар елимиз көлеминде энергияны үнемлейтуғын усыллар менен технологияларды енгизиўде әҳмийетли қәдем болды.

Атап айтқанда, 2018-жыл 1-январьдан баслап энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды хошаметлеўши бир қатар механизмлер енгизилмекте.

Соның ишинде, пискен гербиш, гипс, цемент ҳәм басқа да өнимлерди ислеп шығаратуғын, сондай-ақ, белгили бир хызметлер көрсететуғын (ресторанлар, кафелер ҳәм басқалар) тутыныўшылар жалғанған қуўатлылығы 750кВА болған  электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын төлемлер Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары менен орнатылатуғын өсип баратуғын коэффициентлер ҳәм тарифлерге муўапық әмелге асырылыўы нәзерде тутылмақта.

Жалғанған қуўатлылығы 750кВА ҳәм оннан жоқары болған  тутыныўшылар электр энергиясы ушын есап-санақларды сутка ўақытларының дифференцияласқан тарифи бойынша әмелге асырады. Бул тәртип бюджет шөлкемлери, фермер хожалықлары ҳәм суў тутыныўшылары ассоциацияларының насос станциялары, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын насос станцияларына енгизилмейди.

Республиканың электр тәмийнаты системасына жүклемени теңлестириў мақсетинде электр энергиясынан пайдаланғаны ушын төлемлердиң қолайлы тарифлери енгизилмекте.

Соның ишинде, тығыз пайыт – азанғы ҳәм кешки ўақытта (белгиленген тәртипте орнатылады) пайдаланған электр энергиясы ушын төлемлер белгиленген тарифке салыстырғанда 1,5 есе муғдарда өсиўши коэффициентти қолланыў арқалы әмелге асырылады. Ең аз жүклемели саатларда, яғный түнги ўақытта белгиленген тарифке салыстырғанда 1,5 есе муғдарында азайыўшы коэффициенттен пайдаланылады. Бунда белгиленген тариф ярым тығыз пайытта, яғный, сутканың жақты ўақтында электр энергиясы тәмийинатына төлемлер ушын сақланып қалады.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң имаратлары менен объектлерин, сондай-ақ, көп квартиралы турақ-жай фондын жойбарлаўда, реконструкциялаўда, қурыўда ҳәм пайдаланыўға тапсырыўда оларда энергия тәсиршең және энергия үнемлегиш технологиялардан пайдаланылғанлығы бойынша қала қурылысы нормалары менен қағыйдаларына муўапықлығын тексериў талабы енгизилиўи алдынғы илажлардан бири есапланады.

Сондай-ақ, жеке тәртиптеги турақ жай қурылысынан тысқары, барлық имаратлар менен объектлерди жойбарлаўда, реконструкциялаўда ҳәм қурыўда, ыссы суў тәмийинаты ушын сертификатластырылған қуяш суў ысытыў қурылмалары, сондай-ақ, энергия үнемлегиш лампалар мәжбүрий тәртипте орнатылады.

Соның менен бир қатарда 2022-жыл 1-январьдан баслап барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерди ыссы суў тәмийинатынан үзип қойыў нәзерде тутылмақта. Энергия ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде олар ыссы суў тәмийинаты ушын сертификатластырылған қуяш суў ысытыў қурылмаларынан сондай-ақ, ишки жақтыландырыў ушын елимизде ислеп шығарылған энергия үнемлегиш лампалардан пайдаланыўы шәрт болады.

Соны есапқа алған ҳалда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң имаратлары менен объектлеринде қуяш суў ысытыў қурылмалары ҳәм жергиликлилестирилетуғын өнимлер тийкарында елимизде ислеп шығарылған энергия үнемлейтуғын лампаларды орнатыў басқышларын белгилеў ҳаққында тапсырма бермекте. Сондай-ақ, өндиристи жергиликлилестириўди кеңейтиў ҳәм энергия үнемлегиш лампаларды турақ жай ҳәм адам турмайтуғын жайларда басқышпа-басқыш енгизиў бойынша комплексли бағдарлама қабыл етиледи.

Дәслепки есап-санақларға бола, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен ыссы суў тәмийинаты ушын қуяш суў ысытыў қурылмаларының енгизилиўи ҳәм пайдаланыўы нәтийжесинде жылытылмайтуғын дәўирде (апрель-октябрь) ыссылық станциялары тәрепинен тәбийғый газден пайдаланыў көлеми дерлик 10 миллион куб метр ямаса 2,5 миллиард сумға қысқарады.

Атап өтиў керек, бүгинги күнде 35 биогаз ислеп шығарыўшылар, 10 қуяш электр энергиясын жеткерип бериўшилер ҳәм микрогидроэлектр станциялардан электр энергиясын ислеп шығаратуғын 5 кәрхананың имканиятлары толық ашып берилмеген.

Усы мүнәсибет пенен қарарда альтернатив энергия дәреклерин енгизиў бойынша исбилерменлик жумысын нәтийжели хошаметлеў ушын зәрүр болған ҳуқықый тийкарларды қәлиплестириў бойынша илажлар нәзерде тутылды.

Буннан тысқары, Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети тәрепинен тастыйықланған 300 ден аслам қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдалары бүгинги күн талапларына жуўап бермейди. Соны есапқа алып, қарарда қала қурылысы нормалары менен қағыйдалары Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлигинен мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин, энергия тәсиршең ҳәм энергия үнемлегиш технологияларды қолланыў бойынша «Энергия үнемлеў миллий компаниясы» АЖ менен келисилиўи нәзерде тутылмақта.

Мәмлекет басшысының бул қарары Өзбекистанда заманагөй энергия тәсиршең ҳәм энергия үнемлегиш технологияларды кеңнен енгизиў бойынша жумысты жеделлестириўге хызмет етиўи, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеўи гүмансыз.