USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Ташкент ўәлаяты ишки ислер системасында эксперимент енгизилмекте

 

Президент Шавкат Мирзиёев Ангрен қаласындағы 2-санлы ишки ислер бөлимин барып көрди.

 Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети мәлим етпекте. Бөлим ушын жаңа имарат қурылды. Оператив нәўбетшилик бөлими ҳәм хызмет бөлмелери заманагөй технологиялар менен үскенеленди. Профилактика, тергеў, жынаят-излеў бөлимлери, паспорт хызмети, психолог жумысы жолға қойылды.

Мәмлекетимиз басшысының усы жылы 29-майдағы қарарына муўапық Ташкент ўәлаятында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында ишки ислер уйымларының күш ҳәм қуралларын басқарыўдың сапа жағынан жаңа системасы енгизилмекте. Усы эксперимент шеңберинде ўәлаят, район ҳәм қала дәрежесиндеги структураларды оптималластырып, 86 процент хызметкерлерди төменги буўынға түсириў белгиленген. Ангрен қаласында да бул бойынша жумыслар баслап жиберилген.

– Жынаятшылық тоқтатылса, халқымыз тыныш, мәмлекеттен разы болады. Бул ушын барлық ҳуқық қорғаў уйымлары және де аўызбиршиликли түрде, халыққа жақын болыўы керек. Сонда ҳуқықбузарлықлардың алды алынып, жынаятқа орын қалмайды, – деди Президент.

Ишки ислер, Миллий гвардия, прокуратура, суд ҳәм басқа да уйымлар менен бирге ислесиўди күшейтиў, бөлимлердиң оперативлилигин арттырыў ҳәм максимал дәрежедеги ҳәрекетшеңлигин тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА