Елимизде көркем өнер тараўында қаратылып атырған итибар нәтийжесинде бир қатар жас талант ийелери жетилисип шықпақта. Әсиресе, жас жыраўларымыздың қолға киргизип атырған жетискенликлери кимди болса да қуўандырады. Усындай жетискенликке ерискен жас жыраўдың бири Зинатдин Нуратдийнов.

Ол усы жылдың  28-31-октябрь күнлери Қазақстан Республикасының  Алматы қаласында өткерилген «BRAVISSIMO»  атамасындағы 3-халықаралық фестивальға қатнасып («Алпамыс» дәстанын атқарып), жеңимпазлықты қолға киргизди.

Усы мүнәсибет пенен жақында З.Нуратдийнов Қарақалпақстан Республикасы мәденият министри қабыллаўында болды.

Мақаламыз қаҳарманы З.Нуратдийнов 1997-жылы Қоңырат районында туўылған. «Ер дайысына тартады» дегениндей Зинатдинниң дайылары көркем өнер тараўынан болғанлықтан, балалықтан оларға ҳәўес етип, көркем өнерге ықласы бәлент болып өседи. Ол райондағы Есемурат жыраў атындағы 10-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде оқып көркем өнер сырларын устазы Бахтияр Қыдырбаевтан үйренеди.

2012-жылы пайтахтымыздағы мәденият ҳәм көркем өнер колледжине оқыўға кирип ол жерде Қарақалпақстан Республикасы халық жыраўы Бақберген Сырымбетовтан қобыз әспабының әлўан түрли сырларын үйренеди.

Ҳәзирде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим бағдарының  3-басқыш студенти.

Ол қобыз әспабы менен бир қатарда қарақалпақтың ала мойнақ дуўтарын, гиржек, шынқобыз саз әспабларын кәмине келтирип шерте алады.

З.Нуратдинов бир неше таңлаў ҳәм фестивальларға қатнасып, жетискенликлерге ерисип келмекте. Атап айтқанда, ол  2012-жылы Бухара қаласында өткерилген «Журт келешеги» талантлы жаслар таңлаўының республикалық басқышында жеңимпаз болып, Сертификат пенен сыйлықланған болса, сол жылы Түркменстан Республикасында өткерилген «Аваза» фестивалында Диплом менен сыйлықланды. 2013-жылы Беруний районында  «Биз Ўатан перзентлери-үмит нәўшелери» сүрени астында өткерилген республикалық жаслар фестивалында «Ең жақсы жыраў» номинациясы бойынша жеңимпаз болды.

Сондай-ақ, 2016-2017-жыллары Ташкент қаласында өткерилген «Жипек жолында туризм» атамасындағы 22-Ташкент халықаралық туристлик ярмаркасында Қарақалпақстан Республикасының туристлик потенциалын жоқары дәрежеде көрсетиўде ҳәм миллий үрп-әдет дәстүрлерди үгит-нәсиятлаўда белсене қатнасқаны ушын  жас жыраў Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды. Және де усы жылы елимиз ғәрезсизлиги байрамы қарсаңында өткерилген «Жалғызсаң сен, муқаддес ЎатанӘ» таңлаўының Өзбекистан Республикалық басқышында сыйлы  3-орынды ийеледи. Және де усы жылы Хорезм ўәлаятында жоқары оқыў орынлары арасында өткерилген «Жас китапқумарлар» республикалық таңлаўының аймақлық басқышында «Шығармаларынан дөрелген намалар» номинациясы бойынша жеңимпаз болып, 1-дәрежели диплом менен сыйлықланды.

Жақында Мойнақ районында өткерилген «Арал балықларынан 99 түрдеги тағам» гастрономик фестивалы, «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестиваль ҳәм халық шайырлары Бердақ ҳәм Әжинияздың дөретиўшилигине бағышланған халықаралық музыкалық фестивалында белсене қатнасқаны ушын Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Биз жас талантлы жыраўдың устазы Қарақалпақстан халық жыраўы Бақберген Сырымбетов пенен шәкиртлери ҳәм жыраўшылық өнерине қаратылып атырған итибар ҳаққындағы пикирлери менен ортақластық.

– Онға шамалас шәкиртлерим бар. Солардан Жәнибек Пиязов, Саламат Аяповлар «Ниҳол» сыйлығының лауреатлары болған болса, Зинатдин жақында қоңсылас Қазақстан Республикасынан алтын медаль алып келди. Ол елимиздиң көркем өнерин қоңсы халыққа да танытпақта. Қазақстан Республикасы да мениң жыраўшылық өнериндеги мийнетлеримди баҳалап, Миннетдаршылық дипломы менен сыйлықлады. Бул әлбетте, устазлық кәсибиндеги шәкиртлерим арқасында ерисип атырған жақсы жетискенлик деп билемен.

– Жыраўшылық өнери ата-бабаларымыздан әўладтан-әўладқа, шынжырма-шынжыр өтип келмекте. Шәкиртлериме қобызды баслағанда ең дәслеп «нама басы»н үйретиўден баслайман. Толғаўлар, соң қаҳарманлық ҳәм ашықлық дәстанларын жырлап баслаймыз. Ҳәзирги күнде «Алтын мийрас қоры» менен биргеликте Қарақалпақстан Илимлер Академиясында фондта сақлаўлы дәстанларды үйренип шығып, оны халқымызға еситтириў нийетиндемиз.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы