Мағлыўматларға қарағанда, 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни сыпатында 1950-жылдан берли белгиленип киятыр. 1989-жылы БМШтың Бас Ассемблеясы Балалардың ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенцияны қабыл етип, пүткил дүнья жүзиндеги мәмлекетлер ушын балалардың ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеў мәселелери усы нызам менен белгилеп берилди.

Елимизде де усы сәнеде ҳәр жылы балалар ушын ҳәр қыйлы байрам илажларын шөлкемлестириў дәстүрге айланған. Усындай илажлар қатарында социаллық жәрдемге мүтәж, балалығынан майыплығы бар ҳәм кем тәмийинленген балалардың ҳалынан хабар алыў жумыслары да әмелге асырылады.

Усы жыл 1-июнь күни байрам мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов, ишки ислер министри  А.Темирханов ҳәм басқа да мәкеме менен шөлкемлерден дүзилген топар Нөкис қаласындағы 6-санлы санаториялық типтеги балалар бақшасына барды.

Бул бақшада бүгинги күнде 111 бала тәлим-тәрбия алмақта.

Байрам мүнәсибети менен бақшада тәрбияланып атырған балалар ушын таярланған естелик саўғалар тапсырылды ҳәм концерт бағдарламасы қойып берилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.