Нөкис қаласындағы Президент мектебине ҳүжжетлер Нөкис қаласы, Аллаяр Досназаров көшеси, Ибрайым Юсупов атындағы Мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатында қабыл етилип басланды.
Еслетип өтемиз, ҳүжжетлерди қабыллаў процесси 2019-жыл 1-июньнан 22-июньға шекемги аралықта болып өтеди. Қабыллаў 22-июнь күни саат 17:00 де жуўмақланады. 17:00 ден баслап ҳүжжетлер қабыл етилмейди ҳәм көрип шығылмайды.


Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде талабанлар Президент мектеплериниң pm.xtv.uz сайтына ҳүжжет тапсырыўы мүмкин. Онлайн қабыллаў 21-июнь күни саат 24:00 де жуўмақланады.

Президент мектеплерине кириў ушын сайлап алыў таңлаўында қатнасыў ушын талабанның ата-анасы ҳәм нызамлы ўәкиллери белгиленген мүддетлерде Қабыллаў комиссиясына төмендеги ҳүжжетлерди усынады:

– арза;

– талабанның анкетасы;

– талабанның ҳүжжетлери усынылған ўақытта оқып атырған мектебинен мағлыўматнама;

– талабанның денсаўлығы ҳаққындағы мағлыўматнама;

– 2 дана фотосүўрет (3х4);

– туўылғаны ҳаққындағы гүўалықтың нусқасы.

Талабанның ата-анасы (нызамлы ўәкиллери) көрсетилген ҳүжжетлерди мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды қоллана отырып электрон тәризде де тапсырыў ҳуқықына ийе.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.