Елимизде ҳәр тәреплеме жетик, жоқары мәнаўиятлы әўладты тәрбиялаў, мектепке шекемги билимлендириў системасын және де жетилистириў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда әсиресе, Президентимиздиң усы жылы 9-сентябрьде «Мектепке шекемги билимлендириў системасын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары, 30-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасы басқарыўын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм «Өзбекистан Республикаси Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги жумысларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, бул тараў жумысларын жетилистириўде тийкарғы ҳуқықый бағдарлама болып хызмет етпекте.

Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарларда тийкарынан мектепке шекемги билимлендириў системасын комплексли раўажландырыў, балаларды саламат ҳәм кәмил инсанлар етип тәрбиялаўдың барлық әҳмийетли бағдарлары белгилеп берилген. Әсиресе, мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң дүзилиўи болса, еле дүнья тарийхында болмаған ўақыя еди. Мәмлекетимиз басшының тиккелей басламасы ҳәм тапсырмалары тийкарында бүгинги күнде бул тараўда үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде, ески мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң имаратлары қайта оңланып, заманагөй шәраятларға ийе, барлық қолайлықлар жаратылған балаларымыздың ең сүйикли орнына айландырылмақта. Қанлыкөл районы «Қанлыкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 3-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси 1970 жыллардан берли ҳәрекет етип келмекте. Быйылғы инвестициялық бағдарлама тийкарында  бул жерде қайта қурылыс жумыслары әмелге асырылып нәтийжеде балалар ушын жаратылған шәраятлардан кишкенелер де, олардың ата-аналары менен тәрбияшылары да үлкен қуўанышқа бөленди.

-Бақшаға барған бала менен бақшаға бармаған баланын парқы жүдә үлкен, — дейди бақша тарбияшысы Мадина Нурғазиева. — Себеби, бүгин бул орында кишкенелерге тек жазыў-сызыў, оқыў үйретилип қоймастан, ал олардың мәнаўий дүньясын байытыўға, кишкенеғана кеўиллеринде мәнаўияттың дәслепки нәўшелерин бой көтертиўге, китап оқыўға, шет тиллерин үйрениўге болған қызығыўшылығын арттырыўға айрықша кеўил бөлинген. Әсиресе, бақша тәрбияшыларының өз қоллары менен балаларға түрли ойыншықларды таярлап көрсетип, оларға инам етиўи, бул орында тәрбияланып атырған балаларды мийнетке үйретиў де айрықша роль ойнайды. Солай екен, қелешегимиздиң тырнағы усындай билимлендириў мәкемелеринде жаратылар екен, бул жолда әйне бүгиннен алып барып атырған усындай ийгиликли ислер ҳәмийше әҳмийетли болып қала береди.

* * *

Тахтакөпир районындағы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси узақ жыллардан берли аймақ турғынларының балаларына хызмет етип келмекте. Усы балалар бақшасын заманагөй көриниске келтириў, перзентлеримиз ушын барлық зәрүр қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде бул орында ири оңлаў жумыслары алып барылмақта. Қурылыс ислерине 1 миллиард 63 миллион сум қаржы ажыратылған болып, оны «Ревестрой» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл тәжрийбели қурылысшылары сапалы жүргизип атыр. 140 орынға мөлшерленген балалар бақшасын жаңа жыл қарсанында пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

Билимлендириў мәкемелерин оңлаў, қайта реконструкциялаў арқалы заманагөй көринисти пайда етиў, перзентлеримиздиң ҳеш кимнен кем болмаған дәрежеде сапалы тәлим ҳәм тәрбия алыўын тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылып атырған ҳәзирги ўақытта райондағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектеби быйылғы жылда инвестиция бағдарламасына муўапық капитал оңлаўдан шығарылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги