Бүгин, 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси басламасы менен пайтахтымыздағы Жаслар орайы алдында «Балаларға бериң дүньяны» атамасындағы музқаймақ акциясы болып өтеди.

Акция шеңберинде Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен балаларға бийпул музқаймақлар тарқатылып, республикамыздың көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы болып өтиўи жобаластырылған.

Мағлыўмат ушын, акция ҳәм концерт бағдарламасы саат 19:00 де басланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.