Елимизде 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен пайтахтымызда «Ҳәр бир балаға меҳир, итибар!» сүрени астында байрам илажлары көтериңкилик руўхында болып өтпекте.

Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ўәкиллери де усындай илажларда белсене қатнасып, күн даўамында социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлерин, имканияты шекленген балаларды, емлеўханалардағы балаларды толық қамтып алған ҳалда  қайырқомлық илажларын өткерип, балаларға саўғалар тапсырды.

 

«Жулдызша» балалардың дем алыў орайында, Республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў балалар санаториясында, Республикалық көп тармақлы балалар медицина орайында,  Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында өткерилген усындай қайырқомлық илажларында Президентимиздиң басшылығында жас әўладты руўхый ҳәм физикалық жақтан жетик етип тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.

Шынында да, мәмлекетимизде балаларды қорғаўдың әҳмийетли ҳуқықый базасы жаратылған. БМШ тың Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясы елимизде ратификация етилген дәслепки халықаралық ҳүжжетлерден бири есапланады. 2008-жылы қабыл етилген «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамда социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм айрықша мүтәжликлери болған балалардың ҳуқықларын кепиллестириўге үлкен итибар қаратылған. Әҳмийетлиси, елимизде балалардың ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеў бойынша 5 халықаралық конвенция ратификация етилип, 10 нан аслам Нызам қабыл етилген.

Емлеўханаларға республикамыздағы бир қатар жоқары оқыў орынларының студент-жаслары да өзлериниң  таярлаған саўғаларын тапсырыў ушын барып, балалардың кеўиллерин көтерди.

– Бүгин 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күнинде топарымыз студентлери менен Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында емленип атырған балаларды байрам менен қутлықлаў ушын келдик, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тәбияттаныў факультетиниң биология топары студенти С.Анварова. – Бүгинги байрам менен елимиздеги барлық балаларды қутлықлап, наўқасланып жатырған балалардың тәўир болып кетиўине тилеклеслик билдиремиз.

Байрамға арналған илажлар даўамында пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў бағында театрластырылған тамаша ҳәм концерт бағдарламалары, спорт беллесиўлери, викториналар шөлкемлестирилди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.