Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде пуқаралар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис юридика колледжиниң питкериўшилери ушын «Ашық есиклер күни» өткерилди.

Илаж мәжилислер залында дөгерек сәўбети менен басланып, оны Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Худайбергенов ашты ҳәм басқарып барды. Илажда министрликтиң бөлим баслықлары ҳәм мәсләҳәтшилери усы жылдың бес айы даўамында министрлик тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бойынша есап берди. Атап өтилгениндей, министрликке физикалық ҳәм юридикалық шахслардан 471 мүрәжат келип түскен болса, соннан 386 мүрәжат өз шешимин тапты. Инсан ҳуқықларын қорғаў бағдарында 280 мүрәжат келген болып, соннан 129ы көрип шығылған.

Өткен дәўир ишинде министрликтиң Ҳуқықый экспертиза ҳәм юридикалық хызметлердиң жумысын муўапықластырыў бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 5 нормативлик-ҳуқықый қарары ҳуқықый экспертизадан өткерилди. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының нормативлик-ҳуқықый 68 қарары есапқа алынды.

Келип түскен мүрәжатларға ҳәм режеге тийкарланып, 15 мәкеме ҳәм шөлкемде өткерилген мониторинг ҳәм үйрениўлер нәтийжесинде 4  мың 200 ден аслам нызамбузыўшылық жағдайлары анықланған. Усы нызамбузыўшылық жағдайларын сапластырыў бойынша тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерге усыныслар киргизилип, пуқараларға 2 миллион 100 мың сум өндирилип, 4 шахс жуўапкершиликке тартылды. Тийисли тараўлар бойынша судларға дерлик 40 миллион сумлық 20 арза ҳәм даўа арзалар киргизилген болып, соннан 17 даўа арзасы қанаатландырылды ҳәм үшеўи көрип шығылмақта. Министрликтиң Социал-экономикалық тараўда ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў бөлими тәрепинен 12 мәкеме үйренилгенде, 82 нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша 420 нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды. Алып барылған илажлар нәтийжесинде 15 нызамсыз ҳүжжетлер бийкар етилип, 3 хызметкердиң усы күнге шекем төленбеген 7 миллион сумнан артық мийнет ҳақылары өндирип берилди.

Ҳуқықый экспертиза ҳәм юридикалық хызметлердиң жумысын муўапықластырыў бөлиминиң мағлыўматына қарағанда, бүгинги күнде министрлик қурамында 34 мәмлекетлик нотариал кеңсе ҳәм 1 нотариал архив бар. Усы кеңселерде 47 нотариус жумыс ислеп келмекте. 2019-жылдың өткен дәўири ишинде олар тәрепинен 45 мыңға шамалас нотариал ҳәрекетлер әмелге асырылды. Республика аймағында 2 адвокатлар коллегиясы, 6 адвокатлар фирмасы ҳәм 66 адвокатлық бюросы жумыс ислеп киятырған болса, оларда жәми 121 адвокат мийнет етпекте. Усы дәўир ишинде жаңадан 14 талабанға адвокатлық лицензиялары берилип, 6 адвокатлық бюросы мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер бөлими тәрепинен жәми 695 мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем дизимге алынды.

Жақында Өзбекстан Республикасы әдиллик министрлиги тәрепинен бийпул ҳуқықый мәсләҳәт беретуғын «Advice» ҳуқықый мәлимлеме порталы иске түсирилди.

– Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2019-жылы 1-майда әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери хызметкерлериниң ҳуқықый мәдениятын және де жетилистириў ҳәм әдем-икрамлылық қағыйдаларына қатаң әмел етиўин тәмийинлеў ҳаққында буйрығы қабыл етилип, онда усындай уйымларда коррупция ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде 2019-жылдың 5-май күнинен 5-июнь күнлери аралығында барлық әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелеринде ҳуқықый мәденият ҳәм әдеп-икрамлылық айлығы деп жәрияланды. Усы айлық шеңберинде әмелге асырылыўы керек болған илажлардың жол картасы тастыйықланып, онда май-июнь айларында пуқаралар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын «Ашық есиклер күни» илажын шөлкемлестириў белгиленди, -дейди министрликтиң «Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими»ниң жетекши мәсләҳәтшиси Н.Қутлымуратова. -Илаждың тийкарғы мақсети – министрлик тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында қатнасыўшыларға мағлыўмат бериў, ғалаба хабар қураллары менен халыққа қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң мазмуны ҳәм әҳмийетин өз ўақтында жеткериў бойынша бирге ислесиўди және де беккемлеў, пуқаралардың мүрәжатларын қабыллаў, министрликтиң кадрлар резервин қәлиплестириўден ибарат.

«Ашық есиклер күни» шеңберинде қатнасыўшылар ушын министрликтиң бөлимлери бойлап саяхат шөлкемлестирилип, олардың жумысы менен таныстырылды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.