Усы жыл 28-май күни Қараөзек районында «Жақсы идеяданийгиликли мақсетке қарай!» сүрени астында «Бес баслама-бес имканият!» атамасында жаслар форумы болып өтти.

Президентимиздиң басламасы менен социаллық, руўхый-ағартыўшылық тараўлардағы жумысларды жаңа басқышқа көтериў мақсетинде алға қойылған әҳмийетли бес баслама әтирапына жасларды бирлестириў мақсетинде ӨзХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен тастыйықланған концепция  тийкарында «Истиқбол» жаслар қанаты, мәпдар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға район ҳәкимлиги, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ашылыў салтанатында район ҳәкими Р.Жумабаев, ӨзХДП Орайлық Кеңесиниң бөлим баслығы Р.Ҳамидов, ӨзХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Х.Ешимбетов ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет, елимиздиң раўажланыўы жолында жасларды бир мақсет жолында бирлестириў, оларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, ҳәр қандай жат идеялардың тәсирине түсип қалыўының алдын алыў болып табылады. Сондай-ақ, қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў,  бул илажларға майыплығы болған шахсларды, кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларын кеңнен тартыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў болып табылады.

Биринши баслама бойынша, жаслардың музыка, әдебият, театр ҳәм көркем-өнердиң басқа түрлерине қызығыўшылығын арттырыў, қәбилетлерин жүзеге шығарыў мақсетинде райондағы «Дослық» мәденият ҳәм дем алыў бағында «Истеъдод» шоу таңлаўы өткерилди. Оған улыўма билим бериў мектеплери, орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлери, жоқары оқыў орынларынан еки жүзден аслам,  сондай-ақ, имканияты шекленген жаслар қатнасты. Қараөзек экономика колледжи ҳәм аўыл хожалығы колледжиниң «FIVE STARS» интакер жасларының қатнасында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» жарысы өткерилди.

Екинши баслама шеңберинде жасларды физикалық жақтан шынықтырыў, олардың спорттағы қәбилетлерин көрсетиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыўға бағдарланған шахмат, 100 ҳәм  1000 метрге жуўырыў, эстафета, футбол ҳәм баскетбол бойынша жарыслар болып өтти. Имканияты шекленген жаслар арасында «Үмит жолы» спорт жарысы өткерилип, жеңимпазлар диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Үшинши баслама халқымыз ҳәм жаслар арасында компьютер технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириўге қаратылған болып, район жасларының интернеттен пайдаланыўы ушын «WI FI room» орайы шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, компьютер технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыў бойынша семинар шөлкемлестирилди. Илаж жуўмағында компьютерден тез ҳәм дурыс пайдаланыў бойынша «Алтын бармақ» жарысы  өткерилип, жеңимпазлар анықланды.

Төртинши баслама бойынша жаслардың мәнаўиятын байытыў, олар арасында китапқумарлықты  үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилген «BOOK ROOM» орайының ашылыў салтанаты болды. Орай бес жүзден аслам атамадағы өзбек ҳәм қарақалпақ тилиндеги китаплар менен толықтырылды. Бул жерге келген адамлардың пикир-усынысларын, жасларға тилеклерин билиў мақсетинде арнаўлы «Guest book» (мийманлар китабы) шкафы қойылды. Оған бириншилерден болып ӨзХДП Орайлық Кеңесиниң, ӨзХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң ўәкиллери, район ҳәкими өз қолтаңбаларын қалдырды. Усы күни  китапқумар оқыўшылар арасында өзлери оқыған китаплары тийкарында «Билимдан» таңлаўы өткерилип, китап ярмаркасы шөлкемлестирилди.

–Илаж қатнасыўшылары бир қатар үй шараятында билим алып атырған жаслардың ҳал-жағдайынан хабар алып, китаплар саўға етти,–дейди өз қуўанышын жасыра алмаған, райондағы «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Камила Аллашева.-Елимиздиң басшысы тәрепинен майыплығы болған шахсларға, соның ишинде, жасларға айрықша ғамқорлық көрсетилип келинбекте. Китап оқыўға ҳәм өнерментшиликке қызығаман. Жақында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен өткерилген «Ўатан мениң нәзеримде» темасындағы бисерлик ҳәм тоқымашылық таңлаўында республикамызда биринши орынды ийелеп, келеси басқышқа жоллама алдым.

Бесинши баслама тийкарында, ҳаял-қызларды исбилерменликке тартыў бойынша район ҳәкимлиги, мәпдар шөлкемлер менен биргеликте бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы өткерилди. Оған райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкемлер, оқыў орынлары өзлериндеги 450 бос жумыс орны менен қатнасты. Районлық Бәнтликке көмеклесиў орайы, коммерциялық банклер, Өзбекстан жаслар аўқамы жанындағы «Жаслар келешегимиз» қорының районлық бөлиминиң қәнигелери тәрепинен 160 пуқараға жумысқа орналасыў, 70 ҳаял-қызға кредит алыў бойынша түсиниклер берилди.

Райондағы кем тәмийинленген 10 шаңараққа жеңиллетилген кредит есабынан қара мал тарқатылып берилди. Районлық ҳаял-қызлар комитети тәрепинен, қәўендер мәкемелер менен биргеликте имканияты шекленген, майыплығы болған, социаллық жәрдемге мүтәж еки ҳаял-қызға тигиў машинасы менен мини печь саўға етилди.

Форум барысында өткерилген таңлаўлар, спорт жарысларының жеңимпазлары ҳәм белсене қатнасқан жаслар диплом, медальлар, кубоклар, шөлкемлестириўшилер болса, ӨзХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Илаж қатнасыўшыларына республикамыз көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.