Ақаба суўларды қайта ислеў дүнья жүзинде ишимлик суўының жетиспеўшилиги бақланып атырған бир ўақытта күнниң баслы ўазыйпаларының биринен болып табылады.

Хош, Қарақалпақстанда ақаба суўларды қайта ислеў орынлары бар ма? Оларда жумыслар қай дәрежеде алып барылмақта? Усы сораўлар менен бүгин, 31-май күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң киши мәжилислер залында «Абат аўыл» бағдарламасының орынланыўы бойынша белгиленген илажлар ҳәм келешектеги ўазыйпалар» атамасында болып өткен баспасөз конференциясында қатнасқан «Түйемойын-Нөкис» регионаллық суў қубырынан пайдаланыў басқармасы (МУК) баслығының орынбасары Б.Мәтмуратовқа мүрәжат еттик.

Оның бизге мәлим етиўинше, ақаба суўларды қайта ислеў орынлары Нөкис ҳәм Тақыятас қалаларында болған. Бирақ, ҳәзирги ўақытта өз жумысын тоқтатқан. Ақаба суўларды қайта ислейтуғын заманагөй техникаларды сатып алыў мақсетинде Жәҳән банкиниң 60 млн долларлық кредит қаржыларын алыў ушын жойбар исленбекте. Жоба тийкарында Нөкис ҳәм Тақыятаста 2020-жылы ақаба суўларды қайта ислеў процесси қайта тикленеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосы.