Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында филология факультети қарақалпақ әдебияты кафедрасының шөлкемлестириўинде «Филология ҳәм оны оқытыў тараўларындағы фундаменталь ҳәм инновациялық изертлеўлер» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияның ашылыў мәжилисинде институттың илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов, филология факультети деканы Б.Давлетовлар шығып сөйлеп, бүгинги конференцияның әҳмийети ҳаққында тоқталды.

Илажда институттың қарақалпақ әдебияты кафедрасының баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор К.Алламбергеновтың «Қарақалпақ фольклоры ҳәм әдебияты тарийхын түркий халықлар филологиясы контекстинде үйрениўдиң әҳмийетли мәселелери», Әндижан мәмлекетлик университети профессоры, филология илимлериниң докторы С.Мирзаеваның «Ғафур Ғулам гүрриңлеринде фольклорлық жанрларға тән стилизация», институттың қарақалпақ тили кафедрасының доценти, филология илимлериниң кандидаты А.Пирниязованың «Ҳәзирги қарақалпақ әдебий тилин (лексикология) оқытыўда инновациялық технологиялар» атамаларындағы ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилердиң баянатлары тыңланды.

Конференция секциялардағы баянатлар менен даўам етти.

Конференция ертең, 29-май күни де өз жумысын даўам еттиреди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.