Усы жыл 24-май күни 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлери оқыўшылары арасында «Экология билимданы» атамасында таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

         Таңлаў Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң усы жылғы белгиленген ис-режесине тийкарланып, орта арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған оқыўшы жаслары арасында таңлаўдың қалалық ҳәм районлық басқышларында жеңимпаз болған командалар қатнасты.

-Таңлаўды өткериўдеги тийкарғы мақсет – жаслар арасында  ана-тәбиятымызды қәстерлеп сақлаў, экологиялық жағдайды жумсартыў ҳәм экологиялық билимлерин кеңнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат,- дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң  бөлим баслығы М.Камалов.

Үш шәртте өткерилген бул таңлаўда Қоңырат медицина колледжиниң командасы биринши, Елликқала медицина колледжиниң командасы екинши, Қараөзек экономика кәсип-өнер колледжиниң командасы үшинши орын жеңимпазы деп табылды.         Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы