Усы жыл 25-май күни барлық улыўма билим бериў мектеплеринде дәстүрге айланған «Соңғы қоңыраў» илажлары өткерилди.

Усындай илаж пайтахтымыздағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебинде де шөлкемлескенлик пенен болып өтти. Бул илажға усы мектептиң 10а-класын 30 жыл бурын питкерген оқыўшылар да жыйналды.

Олар он жыл тәлим-тәрбия берген устазлары менен ушырасты. Өзлери оқыған калассларға барып, устазларының қатнасында және бир мәрте сабақ өтти. Өткенлерди еследи.

«Соңғы қоңыраў»да мектеп директоры Гүлистан Хожабаева, 10а-класстың биринши муғаллими Қаллыхан Саймова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, усы жылы 11-классты тамамлап атырған жасларды үлкен өмирге қәдем қойып атырғанлығы менен қызғын қутлықлап, алдағы ўақыттағы оқыўларында ҳәм жумысларында табыслар тиледи.

30 жыл бурын усы мектепти питкергенлер оқыўшылар менен китап ҳәм оның тәлим-тәрбиядағы әҳмийети туўралы сәўбетлесип, мектеп китапханасына ҳәм оқыўшыларға өзлери алып келген көркем әдебиятларды, илимий-көпшилик китапларды тапсырып, оларды жақсы оқыўға шақырды ҳәм елимиздиң және де раўажланыўына хызмет ететуғын кадрлар болып жетилисип шығыўына тилеклеслик билдирди.

Илажда мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Соң бир кесе шай үстинде устазлар менен ушырасыў даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.