Ташкент қаласында спорттың волейбол түринен ҳаял-қызлар арасында жоқарғы лига командаларының XXVI Өзбекстан чемпионаты жарысларының жуўмақлаўшы туры болып өтти.

Жуўмақлаўшы тур алдынан өз имканиятларын жақсылап, барлық қарсыласларынан үстин келип, 1-орынды ийелеп турған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қызлар сайланды командасы бул турда да өзлериниң жақсы таярлықлар көргенин дәлилледи.

Чемпионат жуўмақларына муўапық, институт қызлар командасы чемпионлықты қолға киргизди. Және бир қуўанышлы тәрепи, команда ағзаларының барлығы «Өзбекстан спорт устасы» дәрежелерин алыўға еристи.

Спортшы қызларды Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен тренер, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы, Өзбекстан спорт ветераны, спорт устасы Азат Казаков таярлады.

25-май күни жеңимпазлар Нөкис темир жол вокзалында салтанатлы түрде күтип алынды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.