25-май күни Қараөзек районлық Халық депутатлары кеңесиниң гезектен тыс 48-сессиясы болып өтти. Сессияда Жумабаев Роман Абдикадирович Қараөзек районы ҳәкими етип тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар берди.

Роман Жумабаев 2010-жыл 25-октябрьден баслап усы күнге шекем «Өзагролизинг» акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикалық филиалы директоры лаўазымында ислеп киятырған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги