Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жынаят процеси қатнасыўшыларының ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеўге байланыслы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызамға Президент қол қойды.

Оған бола 1994-жыл 22-сентябрде қабыл етилген 2015-XII санлы Нызамы менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди:

 194-статьяның (Милиция хызметкериниң нызамлы талапларын орынламаў) :

атамасындағы «Милиция хызметкериниң» деген сөзлер «Ишки ислер уйымлары хызметкериниң» деген сөзлер менен алмастырылды;

биринши бөлиминиң диспозициясы төмендеги бағдарда билдирилди :

«Ишки ислер уйымлары хызметкериниң ҳуқықбузарлықты тоқтатыў, ҳүжжетлерди тексериў ушын бериў, ишки ислер уйымларына барыў ямаса көрсетилген мүддетте ишки ислер уйымларында болыў ҳаққындағы нызамлы талапларын кеширимли себеплерсиз орынламаў, транспорт қуралын тоқтатыў, жәбирлениўшилерге жәрдем көрсетиў ҳаққындағы нызамлы талапларын орынламаў яки ишки ислер уйымлары хызметкериниң нызамлы талапларына басқаша түрде әмел етпеў, сондай-ақ, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў ўазыйпаларын әмелге асырып атырған басқа да шахслардың нызамлы талапларын орынламаў»

195-статьяның (Милиция хызметкерлериниң өз хызмет ўазыйпаларын орынлаўына қарсылық көрсетиў)

атамасындағы «Милиция хызметкерлериниң» деген сөзлер «Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң» деген сөзлер менен алмастырылды

диспозициясы  төмендеги мазмунда билдирилди :

«Ишки ислер уйымлары хызметкериниң өз ўазыйпаларын атқарыўына байланыслы нызамлы талапларын орынламаўға көпшилик алдында ҳәр қандай көринисте шақырыў, сондай-ақ, ишки ислер уйымлары хызметкерлерине ғалаба түрде бойсынбаўшылықты келтирип шығарыў мақсетинде саналы түрде жалған өтирик мағлыўматларды тарқатыў» ;

196-статьяның (Ҳуқықбузарлық себеплери ҳәм шараятларын сапластырыў бойынша милицияның жазба усынысларын орынлаў илажларын көрмеў) :

атамасындағы «милицияның» деген сөз «ишки ислер уйымларының» деген сөзлер менен алмастырылды;

диспозициясындағы «милицияның» деген сөз «ишки ислер уйымларының» деген сөзлер менен алмастырылды;

199-статьяның (Арнаўлы хызметлерди қастан алдап шақырыў) диспозициясындағы «Милиция» деген сөз «Ишки ислер уйымы» деген сөзлер менен алмастырылды;

244-статья (Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыўға ҳуқықы болған уйымлар (лаўазымлы шахслар) биринши бөлиминиң (Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды) 4-бәнтиндеги «(милиция)» деген сөз шығарып тасланды.

ӨзА