Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жынаят процеси қатнасыўшыларының ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеўге байланыслы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызамға Президент қол қойды

Оған бола, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске бир қатар өзгерислер киргизилди.

Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 1284-статьясы (Транспорт қураллары басқарыўшыларының светофордың қадаған етиўши сигналына ямаса жол ҳәрекетин тәртипке салыўшының қадаған етиўши белгисине бойсынбай тоқтаў сызығын басып кириў ҳәм өтиў) жаңаредакцияда қабыл етилди.

Оған бола, светофордың қадаған етиўши сигналында ямаса жол ҳәрекетин тәртипке салыўшының қадаған етиўши белгисинде жолдың қатнаў бөлегиндеги жол сызықларын яки жол белгилери менен белгиленген тоқтаў сызығын басып кириў,-ең кем мийнет ҳақының екиден бир есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Транспорт қураллары басқарыўшыларының светофордың қадаған етиўши сигналына ямаса жол ҳәрекетин тәртипке салыўшының қадаған етиўши белгисине әмел етпей өтиўи,-ең кем мийнет ҳақының еки есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Усы статьяның екинши бөлиминде нәзерде тутылған сол ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғанынан соң бир жыл даўамында қайталанса,-ең кем мийнет ҳақының бес есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Усы статьяның екинши бөлиминде нәзерде тутылған сол ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза еки рет қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында қайталанған болса,-транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан бир жыл мүддетке айырыўға себеп болады.

Мағлыўмат ушын, буған шекем тоқтаў сызығын басып кириў қағыйдасын бузыў-светофордың қадаған етиўши сигналына ямаса жол ҳәрекетин тәртипке салыўшының қадаған етиўши белгисине әмел етпей өтиў менен тең муғдарда жәриймаға тартылатуғын еди

ӨзА