Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалында усы жылдың 20-24-май күнлери аралығында республикамыздағы мобиль байланыс компанияларының, Қарақалпақстан Республикасы радио-телеузатыў орайының қәнигелери усы тараў бойынша билим алып атырған студентлер ушын әмелий  сабақ өткерди.

24-майда филиалдың «Телекоммуникация технологиялары» ҳәм «АКТ тараўында кәсиплик тәлим» қәнигеликлериниң студент-жаслары ушын «Uzmobile» компаниясы Қарақалпақстан республикасы аймақлық бөлиминиң «Тармақты эксплуатациялаў» бөлими баслығы Илхамберген Абдикаримов «Uzmobile» компаниясының раўажланыў басқышлары» атамасында әмелий сабақ өтти.

– Бүгинги сабақта бундай компаниялардың байланыс сапасын арттырыўдың усыллары, антенналардың жайласыў орынлары, сигнал дәрежелерин Хийўа қаласы мысалында үйренип шықтық, – дейди филиалдың 2-курс студенти И.Юрсинов. – Усы ўақытқа шекем алған теориялық билимлеримизди бүгин әмелиятта қолланып көрдик. Әмелий жақтан жумыс ислеп киятырған, тәжирийбеси бар қәнигелерден алған билимлеримиздиң келешекте тараў бойынша жумыс ислеўимизде әҳмийети үлкен.

Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалында басқа да мобиль байланыс компаниялары қәнигелериниң көшпели әмелий сабақлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.