Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалының академиялық лицейинде Нөкис қаласы аймағындағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында «Илим – келешек таянышы» сүрени астында «Қизларжон» оқыўшы-қызлар саммити өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген илажда пайтахтымыздағы 48 мектептен 14-18 жастағы 150 ден аслам оқыўшы-қызлар қатнасты.

– Елимизде биринши мәрте өткерилип атырған бул саммит оқыўшы-қызлардың заманагөй билим ҳәм көнликпелерин раўажландырыў, жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, кәсип-өнерге үйретиў, сондай-ақ, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиз руўхында тәрбиялаў, шаңарақлық турмысқа таярлаў, олардың қәбилетлерин қәлиплестириў ҳәм ен жайдырыўға имканият жаратып бериў, улыўма орта билим бериў мектеплеринде «Қизларжон» клубларының жумысын жетилистириў арқалы қызлардың бос ўақытларын нәтийжели шөлкемлестириў сыяқлы мақсетлерди өз алдына қойған, -дейди Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары, қалалық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Г.Абибуллаева. – Саммитте қатнасыўды қәлейтуғын қызлар сәўбет тийкарында таңлап алынды. Бунда олардың оқыўы, минез-қулқы, жәмийетлик жумысларда белсендилиги, лидерлик көнликпелери итибарға алынды.

«Қизларжон» клубларының координаторлары, халықаралық, республикалық ҳәм қалалық пән олимпиадаларының жеңимпазлары, пәнлерди жоқары баҳаларға өзлестирген оқыўшы-қызлар, Өзбекстан жаслар аўқамының аймақлық сәрдарлары, өнерментшилик ҳәм МКТ (мәлимлеме-коммуникация технологиялары) менен шуғылланатуғын оқыўшы-қызлар топарларға бөлинген ҳалда шеберлик сабақлары ҳәм тренинглерде қатнасып, лицей фойесинде өнерментшилик пенен шуғылланатуғын оқыўшы-қызлардың өз қоллары менен жаратқан кестешилик, тоқымашылық, гилем тоқыў, көркем сүўретлеў бойынша дөретпелериниң саўда-ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Саммит жуўмағында 5 бағдар бойынша қатнасқан қызларға дипломлар ҳәм шеберлик сабақларын өткен тренерлерге Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри атынан алғыснама тапсырылды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.