Өзбекстан реңи өзгертирилген (тонировка) айналы транспорт қуралларынан рухсатсыз пайдаланғанлығы ушын жәрийма муғдары 25 есеге арттырылды.

 Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жынаят процеси қатнасыўшыларының ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеўге байланыслы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызамға Президент тәрепинен қол қойылды.

Оған бола, Административлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске бир қатар өзгерислер киргизилди.

Базалық есаплаў

Атап айтқанда,

«Техникалық регламентке муўапық болмаған айна тәризли ҳәм (ямаса) реңи өзгертилген (қарайтылған) айналы транспорт қуралларынан, тап сондай, айдаўшының орнынан қоршаған орталықты көриўди шеклейтуғын қосымша затлар орнатылған ямаса қапламалар жағылған транспорт қуралларынан пайдаланыў, айналардың реңин өзгертиў (қарайтыў) ушын тийисли рухсатнама берилген транспорт қураллары буған кирмейди, –

  • ең кем мийнет ҳақының жигирма бес есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Тап усындай ҳуқықбузарлық административлик жаза илажы қолланылғанынан соң бир жыл даўамында қайтадан исленген болса, –

  • ең кем мийнет ҳақының қырқ есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады»;

Еслетип өтемиз, буған шекем айналар техникалық регламентке муўапық емес айна тәризли ҳәм (ямаса) қарайтылған қуралларынан пайдаланыў – Ең кем мийнет ҳақының бир есеси муғдарында жәриймаға салынатуғын еди.

ӨзА