Усы жылдың 23-май күни Қараөзек районында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов тәрепинен көшпели қабыллаў өткерилди.

Қараөзек районындағы «Сабыр Камалов» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Қараөзек районы ҳәкимлиги, районлық медицина бирлеспеси ҳәм басқада кәрхана, шөлкемлер тәрепинен өткерилген қабыллаўда 12 пуқараның мүрәжаты тыңланып, 4 пуқараның мүрәжаты орында шешимин тапты. 2 пуқараға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилип,  6 пуқара мүрәжаты үйренип шығылып, бағдары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң тийисли басшы-хызметкерлерине тапсырмалар берилди.

– Көшпели қабыллаўда мениң көптен берли шешимин таппай киятырған мүрәжатым қанаатландырылды, -дейди «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны М.Тилепов. -Шарўа малларын алыў ушын банктен 2 миллион 200 мың сумлық  8 процентли жеңиллетилген кредит берилетуғын болды.

– Турақ жайымыз жасаўға жарамсыз дәрежеге келип қалды. Жаңадан жай салыў ушын жер майданын алыў қыйыншылық туўдырып киятыр еди, -дейди «Сабыр Камалов» аўыл пуқаралар жыйынында жасайтуғын пуқара Д.Қыдырниязова. – Бүгинги көшпели қабыллаўда жер майданын ажыратып бериў бойынша машқала өзиниң унамлы шешимин тапты. Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен усы жер майданына турақ жай салыўда да жәрдем берилетуғын болды. Көшпели қабыллаўды шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығымды билдиремен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.