Нөкистеги Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалының академиялық лицейинде улыўма билим бериў мектеплериниң 9-класс питкериўшилери ушын «Ашық есиклер күни» шөлкемлестирилди.

Онда республикамыздың қала ҳәм районларының мектеплеринен оқыўшылар, олардың муғаллимлери менен ата-аналары қатнасты.

«Ашық есиклер күни»ниң ашылыўында лицей директоры сөзге шығып, оқыў орнының тарийхы, бүгинги күнде оқыўшыларға заманға сай билим бериў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, ерисилген жетискенликлер ҳаққында мағлыўмат берилди.  Атап өтилгениндей, бурынғы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине қараслы 3-санлы академиялық лицей 2017-жылы  Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалының академиялық лицейи болып қайта ашылған еди. Бүгинги күнде лицейде еки бағдар бойынша 450 ден аслам оқыўшы билим алмақта. Оқыў қарақалпақ, рус ҳәм быйылғы оқыў жылынан баслап өзбек тиллеринде алып барылады.

2018-жылы усы лицей питкериўшиси С.Садирбаева бир ўақытта 4 жоқары оқыў орнына – Уллы Британияның Вестминстер университетине, Қубла Корея Республикасының Инха университети Ташкент филиалына, Ташкент мәлимлеме технологиялары университетине ҳәм Италия Республикасының Турин политехника университетине оқыўға кириў бахтына миясар болды. Бүгинги күнде Қубла Корея Республикасының Инха университети Ташкент филиалының «Компьютер инженеринг» факультетинде билим алмақта. А.Ким М.В.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетине, А.Қайыпбергенов Казань мәмлекетлик архитектура-қурылыс университетине ҳәм басқа да көплеген питкериўшилер сырт еллердиң және Өзбекстанның жоқары оқыў орынларына оқыўға кирди.

Илажда шығып сөйлеген республикалық «Сиз нызамды билесизбе?» таңлаўының, пән олимпиадасының жеңимпазлары, Өзбекстан Республикасы мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң стипендианты, спорттың баскетбол түри бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзалары усы лицейде оқып атырғанлығын айтып мақтаныш етти.

Лицей 2019-2020-оқыў жылы ушын 10-июннен 20-июльге шекем улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-класс питкериўшилеринен ҳүжжет қабыллайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.