Пенсияны тайынлаўда өзгерис – есаплаўда ең кем айлық мийнет ҳақының өн есенинен артық болмаған муғдардағы орташа айлық мийнет ҳақы алынады.

 Бурын бул муғдар ең кем мийнет ҳақының сегиз есесин қураған.

«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамға Президент тәрепинен (ӨРН–540, 22.05.2019 ж.) қол қойылды. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген өзгерислер бойынша ендиген былай есап-санақ етиў ушын ең кем айлық мийнет ҳақының он есесинен артық болмаған муғдардағы орташа айлық мийнет ҳақы алынады.

Бурын бул муғдар ең кем айлық мийнет ҳақының сегиз есесин қураған.

«Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы Нызамға медициналық мағлыўматқа ийе болмаған шахслар ҳәм Халық медицинасы хызмет көрсетиў жумысын лицензиялаў бойынша арнаўлы комиссияның жуўмағы тийкарында халық медицинасы бойынша жумыс пенен шуғылланыўы мүмкин екенлигине байланыслы қосымша киргизилди.

Нызам менен Сенаттағы Нызамшылық ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитети Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети етип өзгертилди.

 

Ҳүжжет ҳаққындағы толық мағлыўмат пенен www.lex.uz сайты арқалы танысыў мүмкин.

ӨзА