Усы жыл 21-май күни пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Жаслар ҳәм нызам» атамасындағы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Таңлаўға «Фемида», «Әдиллик қанатлары», «Боран» ҳәм «Юстиция» топарлары қатнасып, өзлериниң билимлерин сынақтан өткерди.

Таңлаў қатнасыўшылары елимизде суд-ҳуқық тараўындағы өзгерислер, әдил судлаў системасында әмелге асырылып атырған ҳуқықый реформалардың мазмун-мәниси, суд мәжилислери моделин көрсетип бериў арқалы түсиндириў, судлардың әдалатлы жумысларын буннан былай да раўажландырыў сыяқлы шәртлерде өзлериниң билим дәрежесин сыннан өткерди.

Сондай-ақ, жаслар таңлаў даўамында «Ҳуқықый сораў-жуўап», «Ҳуқықыңды бил» деп аталған шәртлерде топарлар жаслар арасында ушырасып атырған жынаятшылық, айырым жәмийетлик-ҳуқықый машқалаларды сахналық көринислер арқалы көрсетип берди.

Жарыс жуўмағында «Фемида» (Қараөзек) топары биринши,  «Әдиллик қанатлары» (Нөкис районы) топары екинши, «Боран» (Елликқала) топары үшинши орынды ийеледи ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги