Усы жыл 20-май күни Нөкис районындағы 15-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Ҳәким гранты» атамасындағы  таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышы өткерилди.  

Таңлаў Нөкис районы ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис районлық Кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилген болып, оған район аймағындағы улыўма билим бериў мектеплериндеги  8-11-класс оқыўшылары ҳәм орта арнаўлы кәсип өнер-колледжлериниң  1-басқыш оқыўшылары қатнасты.

– Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет – районымыздағы  оқыўшылардың жәмийетлик-сиясий, руўхый ҳәм ҳуқықый саўатлылығын және пәнлерди жоқары дәрежеде өзлестириў ҳәм билим алыўға болған қызығыўшылығын арттырыўдан ибарат, – дейди районлық Жаслар аўқамы Кеңесиниң баслығы Қ.Моятдинов. – «Ҳәким гранты» таңлаўы районда билимлендириў тараўын еле де раўажланыў, оқыўшылардың қәбилетли, билим дәрежеси, жоқары келешекте елимиздиң раўажланыўына өз үлесин қосатуғын маман қәниге  болып жетилисиўине  хызмет етеди.

Таңлаў қатнасыўшылары «Жазба жумыс», «Сораў-жуўап, тест» ҳәм өз талантын көрсетиў шәртлери бойынша беллесип, өзлериниң қәбилетин, талантын, ойлап табыўшылығын, сондай-ақ, илим ҳәм билимлендириў, мәденият, көркем өнер, спорт ҳәм басқа да тараўларда қәбилетлерин көрсетип, тәжирийбели төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.

Таңлаў жуўмағында райондағы  21-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшысы Б.Айтмуратов биринши орынды ийелеп,  3 миллион сум, 1-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеби оқыўшысы Б. Арзымбетов ҳәм 13-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшысы А.Қыдырбаевалар екинши орынды ийелеп, 2 миллион  сум, 12-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшысы Ш.Алланазарова, 20-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшысы Р.Сабитова ҳәм 22-санлы  улыўма билим бериў мектеби оқыўшысы А.Қазақбаевлар үшинши орынға ылайықлы деп табылып, 1 миллион  сум ақшалай сыйлық (ҳәр бири) пенен сыйлықланды.

«Ҳәким гранты» таңлаўы жеңимпазларына район ҳәкими А.Сейтахов арнаўлы сертификатлар тапсырды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы