Быйыл Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма орта билим бериў мектеплерин 14 мыңнан аслам оқыўшы питкереди. Олар ушын 25-май күни мектеплерде «Мениң мектебим – мениң үйим» атамасында байрам илажы шөлкемлестириледи. Илаж мектеплердиң тек 1 ҳәм 11-класс оқыўшылары ушын азанғы саат 8:00 ден 9:00 ге шекем даўам етиўи күтилмекте. Питкериўшилерден жуўмақлаўшы имтиханлар усы жылдың 27-майынан 16-июнь сәнесине шекем алыныўы режелестирилген. Усы ҳәм басқа да жаңалықлар менен таныстырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинен мағлыўматлар алдық:

 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Улыўма орта билим бериў мәкемелери ҳәм академиялық лицейлердиң қәбилетли питкериўшилерин алтын ҳәм гүмис медальлар менен сыйлықлаў тәртиби ҳаққында»ғы режесине бола, быйылдан баслап мектеплердиң 11-класын питкерип атырған айырым оқыўшылар алтын ҳәм гүмис медальлар менен хошаметленеди.

Бундай медальлар улыўма орта билим бериў мәкемелериниң 9-класын питкергени ҳаққындағы жоқары дәрежели аттестаты бар, мектеплердиң 10 ҳәм 11-классларында барлық пәнлер бойынша жуўмақлаўшы имтиханлардағы, шерек ҳәм жыллық баҳалары жоқары болған ямаса академиялық лицейлердиң барлық курсларында жоқары баҳаға оқыған, үлгили минез-қулқы ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилиги менен  көзге түскен питкериўшилерге 11-классты питкергени ҳаққындағы аттестаты менен қосып бериледи. Мағлыўмат ушын соны да атап өтиў керек,  бундай медальларды алған оқыўшыларға жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында ҳеш қандай жеңиллик берилмейди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 24-октябрьдеги «Улыўма орта билим бериў мәкемелериниң 10-11-класларының оқыўшыларына кәсиплик билим бериўге қәнигелестирилген оқыў-өндирислик комплекслерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2018-2019-оқыў жылының басында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен республикамыздағы 56 кәсип-өнер колледжи ҳәм 53 мектепте кәсип үйрениў орынлары шөлкемлестирилген еди. Оларға 1 мың 300 ден аслам 11-класс оқыўшылары қамтып алынды.

Ул ҳәм қыз балалар бул орынларда өз қәлеўине қарай аспазлық, тигиўшилик, тоқымашылық, ағаш ҳәм мебель ислери усташылығы, компьютер операторы сыяқлы 44 қәнигелик бойынша кәсип үйренди.

Нөкис қаласы бойынша Нөкис коммунал хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў, Нөкис педагогика, Нөкис турмыслық хызмет көрсетиў ҳәм экономика, Нөкис политехника кәсип өнер колледжлеринде, 14,25,30-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде, 4-санлы Қулағы аўыр ҳәм шала еситетуғын балалар ушын, 10-санлы Көзи әззи ҳәм шала көретуғын балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатында оқыў-өндирислик комплекслери шөлкемлестирилген еди.

Халық билимлендириў министрлиги, 2019-2020-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының барлық улыўма орта билим бериў мектеплери бирден-бир мектеп формасына өтетуғынлығын хабарлайды. Бүгинги күнде «Өзтоқымашылықсанаат» бирлеспеси тәрепинен мектеп формасының дизайни ислеп шығылып, аймақлардағы бөлимлер тәрепинен өлшемлер бойынша таярлық жумыслары баслап жиберилген.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.