Усы жыл 22-май күни ТашПМИ Нөкис филиалында 2018-2019-оқыў жылы питкериўшилери ҳәм жумыс бериўшилер арасында ушырасыў өткерилди. Оған Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Республикалық санитариялық-эпидимиялогиялық бақлаў орайы ўәкиллери, қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелериниң басшылары, сондай-ақ, филиал  питкериўшилери ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.

Ушырасыў даўамында питкериўшилерге билим алған бағдарлары бойынша  қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелерине жолламалар берилди. Сондай-ақ, айырым питкериўши студентлер өз жумысын шыпакерлер жетиспейтуғын республикамыздың ең алыс аймақларының бири Мойнақ районында баслаў тилегин билдирди. Бул басламаны филиал директоры, сенатор О.Атаниязова ҳәр тәреплеме қоллап қуўатлап  бундай ийгиликли басламаны баслаған 10 питкериўшиге планшет саўға етти. Өткен жылы филиалды питкерген 11 студент Мойнақ районына жиберилген болса, быйылғы жылы және 10 питкериўшиге жолламлар берилди.

Быйыл филиалды 224 студент питкеретуғынын есапқа алатуғын болсақ, денсаўлықты сақлаў тараўы жаңа кадрлар менен толысып, халықымыздың саламатлығы ушын хызмет ететуғын қәнигелердиң саны және де артады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги