Киши ҳәм орта, ересек жастағы инсанлардың қәлбинде адамгершилик пазыйлетлерин қәлиплестириў, Ўатанға садықлық, муҳаббат сезимлерин сиңдириў ҳәм оларға эстетикалық, мәдений хызмет көрсетиў мақсетинде өткерилетуғын таңлаўға өмирден алынған терең мазмунға ийе, қызықлы, заман талапларына жуўап беретуғын дөретиўшилик жумыслары қабылланады.

Таңлаў қатнасыўшыларына төмендеги талаплар қойылады:
— Жоқары оқыў орынлары ҳам улыўма билим бериў мектеплери, ересек жастағы тамашагөйлер ушын жазылған пьесалар;
— Миллий қәдириятларымызды келешек әўладларға танытыў, заманымыз қаҳарманлары образларын дөретиў;
— Жетилисип киятырған жаслардың арасында машқалалардың сәўлелениўи (ерте турмыс қурыўдың ақыбетлери, жат иллетлер, таза сөйлеў);

Таңлаўда пьесалар бақша ҳәм баслаўыш класс балалары ушын 50 минут, үлкен жастағы тамашагөйлер ушын  60 минуттан кем болмаўы керек.
Шығармалар Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрының көркемлик кеңеси ағзалары тәрепинен көрип шығылады.
Таңлаў Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында салтанатлы түрде өткериледи. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.
Таңлаўға усынылған шығармалар, қол жазба ҳәм компьютерде терилген электрон тәризде болыўы шәрт.

Таңлаўға қатнасыўшылар шығармалары менен бирге өзлери ҳаққындағы мағлыўматларды (телефон номери, жасаў мәнзили) төмендеги мәнзилге қосып тапсырыўы тийис.

Мәнзил: Нөкис қаласы, Т.Қайыпбергенов көшеси 47-жай. Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры.

Таңлаўға шығармалар 2019-жыл 28-август сәнесине шекем қабыл етиледи.

 

Мағлыўмат ушын телефонлар: 222-03-08, 90 724-02-89.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги