Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев 20-май күни мәмлекетимизге келген Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң әмелдеги баслығы, Словакия Республикасы сыртқы ҳәм Европа ислери министри Мирослав Лайчак басшылығындағы делегация менен ушырасты.

Сөйлесиўде Өзбекстан менен Словакия Республикасы арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиў, атап айтқанда, парламентлераралық байланыслар, Өзбекстан ҳәм ЕҚБШ қатнасықлары бойынша пикир алысылды.

Мәмлекетлеримиз саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди және де раўажландырыўда үлкен потенциалға ийе. Бунда нызам дөретиўшилиги жумысын үйрениў ҳәм тәжирийбе алмасыў бойынша парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли орын ийелейди.

photo5411274453972789908.jpg

Ушырасыўда мийманлар Өзбекстанда түпкиликли өзгерислерди әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде алып барылып атырған реформаларға жоқары баҳа берди.

Ҳәзирги күнде Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Парламент ассамблеясында Өзбекстанның турақлы делегациясы жумыс алып бармақта. Бул, өз гезегинде, нызам дөретиўшилиги, парламентаризм тараўында бирге ислесиўди және де раўажландырыў имканиятын береди.

photo5411274453972789909.jpg

Мәмлекетимизде ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарларын муўапықластырыўшысы офиси жумыс алып бармақта. Бул офис өз жойбарларын арқалы мәмлекетимизде қәўипсизлик, экономикалық-социаллық ҳәм экологиялық мәкемелердиң институтционаллық имканиятларын кеңейтиўге техникалық жәрдем көрсетпекте. 2007-2017-жылларда улыўма баҳасы 12 миллион евродан зыят 150 ден аслам әне усындай жойбар әмелге асырылды. Бүгинги күнде 20 жойбар турмысқа енгизилмекте.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан – Словакия ҳәм Өзбекстан – Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми түриндеги бирге ислесиў механизмин беккемлеў ушын барлық ҳәрекетлерди иске қосыўға таяр екенлигин билдирди.

Ғ.Хонназаров,

ӨзАның хабаршысы