Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-май күни Ташкент қаласында әмелге асырылыўы режелестирилген перспективалы инвестициялық жойбарлардың презентациясы менен танысты.

 Халық депутатлары Ташкент қалалық Кеңесиниң 2018-жыл 21-декабрь күни болып өткен гезексиз сессиясында пайтахтымызды ири исбилерменлик орайына айландырыў, инвестицияларды жедел тартып, заманагөй кәрханаларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди. Соған муўапық, усы жылы 4-январьда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Ташкент қаласын инфраструктуралық раўажландырыўға тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Бүгинги күнле пайтахтымызда киши санаат зоналары ҳәм технопарклердиң инфраструктурасынан нәтийжели пайдаланып, жоқары технологиялы қуўатлылықларды шөлкемлестириў, қосымша қунлы өнимлерди ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта. Бул мәселе мәмлекетимиз басшысының турақлы итибарында турыпты.

13-май күни Президент жанында болып өткен мәжилисте де тиккелей сырт ел инвестицияларын тартқан ҳалда Ташкент қаласында заманагөй санаат кәрханаларын шөлкемлестириў жумыслары талланған еди.

Бурын берилген тапсырмаларға муўапық, Ташкент қаласында әмелге асырыў ушын улыўма баҳасы 617 миллион АҚШ долларынан аслам 19 жаңа инвестициялық жойбарлар ислеп шығылды.

Әҳмийетлиси сонда, бул жойбарлардың барлығы санаат тараўына байланыслы болып, олардың орынланыўы нәтийжесинде 10 мыңнан аслам жумыс орны жаратылады. Ҳәр жылы дерлик 1 миллиард долларлық базарға қолайлы өнимлерди ислеп шығарыў, 290 миллион доллардан аслам экспорт етиў имканияты пайда болады.

Жойбарлардың қосымша қуны ҳәм локализациялаў дәрежеси жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыўға қаратылған. Кең түрдеги турмыслық техника, азық-аўқат өнимлери, турмыслық химия қураллары, зергерлик ҳәм шийше буйымлары усылардың қатарына киреди.

Инвесторлар ҳәм басламашылар өз жойбарлары бойынша презентациялар өткерди.

Бул кәрханалар Ташкент механика заводының ҳәзирги ўақытта пайдаланылмай атырған имаратлары менен майданларында шөлкемлестириледи. Олар 2019-2020-жыллар даўамында иске қосылады.

Президентимиз бул жойбарлар қаланың бар инфраструктурасынан нәтийжели пайдаланған ҳалда базарға қолайлы өнимлерди ислеп шығарыў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў жағынан әҳмийетли екенлигин атап өтип, оларды жедел түрде иске түсириў бойынша көрсетпелер берди. Жуўапкерлерге өтимли санаат өнимлерин ислеп шығарыў бойынша улыўма баҳасы кеминде 1 миллиард доллар болған қосымша жойбарларды қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

1.jpg

2.jpg

3.jpg

4.jpg

5.jpg

ӨзА