Өзбекстан Гидрометеорологиялық хызмет орайы («Өзгидромет») бас директорының биринши орынбасары Б.Нишоновтың мәлим етиўинше, Өзбекстанда ҳаўаның орташа температурасы жедел түрде көтерилип бармақта.

– Дүнья бойынша ҳаўаның орташа температурасы санаат раўажланыўынан алдынғы дәўирге салыстырғанда Цельсий шкаласы бойынша +1 градусқа шекем, Өзбекстанда болса +1,6 градусқа шекем көтерилгени бақланбақта. Бул Өзбекстанда ҳаўа температурасының көтерилиўи жеделлесип атырғанын көрсетеди. Температураның көтерилиўи қурғақшылыққа, жазда ыссы ҳаўаның сақланып турыўына, қыс мәўсиминиң қысқа болыўына алып келеди, – деди Б.Нишонов «Дарё»ға берген интервьюинде.

Оның қосымша етиўинше, орташа температураның тез көтерилип кетиўи себепли келешекте Орайлық Азияда, соның ишинде, Өзбекстанда суў ресурсларының жетиспеўшилиги бақланыўы мүмкин ҳәм бул өз гезегинде, аўыл хожалығына тәсир етеди.

Атап өтилиўинше, Орайлық Азия климатлық өзгериўшеңлигиниң күшейиўи және узақ мүддетли глобаллық климат өзгериси нәтийжесинде жүз берип атырған тәсирлерге ең көп ушырайтуғын аймақлардың бири есапланады.

ХХ әсирдиң орталарынан Өзбекстанда климаттың ысыў тенденциясы бақланбақта ҳәм ҳәр 10 жылда жыллық орташа температура Цельсий бойынша +0,29 градусқа шекем көтерилип бармақта.

Соңғы он жыллық даўамында климат өзгериўи менен байланыслы унамсыз ҳәдийселер көбеймекте, бул болса суў ресурслары жетиспеўшилигиниң күшейиўине ҳәм қурғақшылық жағдайларының көбейиўине себепши болмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.