Улыўма билим бериў мектеплеринде балалардың жақсы билим алыўы, әсиресе, имканияты шекленген балалардың тәрбияланыўы ҳәм билим алыўы ушын алдынғы заманагөй технологиялардан және методлардан пайдаланыўдың әҳмийети үлкен.

Бул ушын барлық улыўма билим бериў мектеплеринде арнаўлы илажларды әмелге асырыў жолға қойылған болып, бул балалардың пәнди өзлестириўине үлкен мүмкиншиликлер жаратпақта.

Пайтахтымыздағы 4-санлы герең ҳәм шала еситетуғын балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик билимлендириў мәкемесинде 240 тан аслам бала тәлим-тәрбия алмақта.

16-май күни усы мектепте «Еситиў қәбилетин раўажландырыў» пән айлығы шеңберинде ашық сабақ өткерилди.

Онда мектеп директоры Р.Қаландарова ҳәм орынбасарларының басшылығында, мектеп муғаллимлери Г.Қаниязова, Д.Утемисова, А.Кеўлимжаева, А.Қәллибекова ҳәм Н.Бекбергеновалар таярлаған оқыўшылардың қәбилетлери, билимлери сынақтан өткерилди.

Ашық сабақ сеслерди еситиў қәбилетин күшейтиўге жәрдем беретуғын гимнастикалық шынығыўлар менен басланды.

– Ашық сабақта балалар тәрепинен жумбақ, тақмақлар айтылды. Турмыстан алынған ўақыялар бойынша сахналық көринислер қойып берилди,-дейди муғаллим Гүлбәҳәр Қаниязова. – Балалар тәрепинен салынған сүўретлердиң стендлери қойылды. Математикалық рең ажыратыў шынығыўлары өткерилди. Аяқ ойынлар болды. Ашық сабақта балалардың да кейпияты көтерилди.

Балаларды билимли ҳәм шаққан етип тәрбиялаўда муғаллимлердиң нәтийжели жумыс алып барғаны көзге тасланды.

Барлық балалар естелик саўғалары менен хошаметленип барылды.

Усындай илажлардың тез-тезден өткерилип турыўы балалардың пәнлерди тезирек ҳәм жақсырақ өзлестириўине, муғаллимлердиң де жуўапкершилигин күшейтиўге имканият жаратады.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.