Елимиз басшысының басламасы менен билимлендириў тараўында енгизилген оғада көп өзгерислерди мақтаныш етиўимизге болады. Тез пәт пенен раўажланып атырған мәмлекет билимге қызығыўшы, интеллектуал жасларға көбирек мүтәжлик сезеди. Соның менен бирге, жасларға жоқары билим алыў бойынша қаншелли көбирек жеңиллик ҳәм мүмкиншиликлер жаратылса, мәмлекет, жәмийет ҳәм пуқарада соншелли мәпдар болады. Себеби, раўажланыўдың тийкары жоқары интеллектуал, кең көзқарасқа ийе, таза идеологиялы, ўатанды сүйиўши жаслар есапланады.

Мәмлекетимизде билимлендириў тараўы раўажланған сайын жасларымыздың жоқары мағлыўматлы кәсип ийеси болыў ой-пикири өсип бармақта. Усылар ҳәм раўажланған сырт ел мәмлекетлериниң билимлендириў тараўындағы тәжирийбелерин үйрениў нәтийжелери жасларымызға және де кең мүмкиншиликлер жаратыў зәрүрлигин пайда етип атыр. Усыларды есапқа алған ҳалда бүгинги күнде жоқары оқыў орынларына тест сынақлары арқалы кириў системасын жетилистириў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилди. Қарарда Президентимиздиң Парламентке Мүрәжатларында атап өтилген ҳәм “2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын “Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы”нда әмелге асырыўға тийисли Мәмлекетлик бағдарламасы”нда өзиниң сәўлесин тапқан өзгерислер шеңберинде ислеп шығылған усыныслар, сондай-ақ, жетекши сырт ел мәмлекетлериниң тәжирийбелерин үйрениў нәтийжелери есапқа алынған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы “Жоқары оқыў орынларына тест сынақлары арқалы қабыл етиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында” ПҚ-4319-санлы қарары қабыл етилип, онда жоқары оқыў орынларының бакалавриатына кириў тест сынақларына бир қатар жаңалық ҳәм өзгерислер киргизилди.

Бириншиден, 2019-2020-оқыў жылынан баслап абитуриентлер мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының бакалавриатына оқыўға кириў ушын Мәмлекетлик хызметлери орайлары ҳәм Өзбекстан Республикасының Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы дизимнен өтеўи белгиленди.

Екиншиден, шөлкемлестириў тәреплериниң көп ўақыт ҳәм күш талап етиўи, абитуриентлер санының оғада көбейиўин есапқа алып жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиў бойынша кириў тест сынақларын июль-август айларында, 2018-2019 оқыў жылындағы тәжирийбеден келип шығып, үлкен сыйымлылықтағы имарат ҳәм залларда өткериўди даўам еттириў қарарда белгиленген.

Үшиншиден, усы оқыў жылынан баслап абитуриент бир ўақыттың өзинде 3 бакалавриат бағдарында (3 жоқары оқыў орынларында пәнлер комплексине сәйкес келетуғын жәми 3 бакалавриат бағдарында) таңлаўда қатнасыўы белгиленди. Бунда 3 тәлим бағдарын таңлаўда тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплексиниң сәйкеслиги итибарға алынады. Сондай-ақ, бакалавриат тәлим бағдарларына тийкарғы орын берилиўи абитуриент тәрепинен белгиленеди.

Төртиншиден, қарарға муўапық, алдынғы оқыў жылларында билимлендириў мәкемелерин тамамлаған абитуриентлерден тест сынақларында қатнасыўы ушын ең кем мийнет ҳақысының ярым есесине тең болған төлемди төлеў еңгизилмекте (толық мәмлекетлик тәмийнатындағы жетим балалар, майыплығы болған абитуриентлер бундай төлеўден азат етиледи).

Бесиншиден, абитуриентке өзи дизимнен өтетуғын, турақлы жасап атырған жеринде ямаса басқа өзине қолайлы деп билген аймақта тест сынағында қатнасыў мүмкиншилиги берилиўи мүмкин.

Мәселен, абитуриент Тахтакөпир ямаса Мойнақ районынан болып, ол Ташкент мәмлекетлик техника университетине кириў ушын усы жердеги Мәмлекетлик хызметлер орайында дизимнен өткен болса, абитуриент тест сынағы ўақтында Ташкент қаласына барып отырмастан, Нөкис қаласының өзинде тест сынағында қатнасады. Көринип турғанындай, бул бириншиден, көп ўақыт, қаржы жумсалыўының, әўерегершиликтиң алдын алады.

Алтыншыдан, абитуриенттиң тест сынағында топлаған баллары ҳаққындағы мағлыўмат тест сынағы өткерилген күнниң ертеңине, оның студентликке усынылғаны ямаса усынылмағанлығы бойынша белгиленген тәртипте тастыйықланған таңлаў нәтийжеси тест сынақларын өткериў процесси толық жуўмақланғаннан кейин бир ҳәпте мүддет ишинде Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Жетиншиден, үйренилген халықаралық тәжирийбелер нәтийжесине сүйене отырып соны айтыўға болады, көпшилик мәмлекетлерде абитуриент жоқары оқыў орынларына кириўде бир неше пәнлерден тест сынағын тапсырады.

Жасларымыз соңғы ўақытларда өзи таңлаған билим бағдарына тийисли пәнлерден жақсы таярланып, басқа улыўма билим бериў пәнлерин “маған керек болмайды” деп есаплайды. Ал бул жағдай билимлендириўде ҳеш ўақыт жақсылыққа алып келмейди. Себеби жоқары дәрежеде раўажланып атырған мәмлекетке жетик кадрлар оғада зәрүр. Бул раўажланыўдың ең баслы талабы. Усыларды есапқа алған жағдайда 2020-2021-оқыў жылы қабыллаўынан баслап, тест пәнлери избе-излигин еки бөлимге бөлип, 1-бөлимге барлық тест тапсырыўшы абитуриентлер ушын мәжбурий 3 пән – ана тили (өзбек тили, рус тили, қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлерин, 2-бөлимге өзи тапсырып атырған тәлим бағдарына сәйкес еки пәнди киргизиў қарарда белгиленди.

Усы қарардың қабыл етилиўи жоқары оқыў орынларында қабыллаў процессин әпиўайыластырыў, тест сынақларының еле де әшкаралығын, әдил болыўын тәмийнлеў, абитуриентлерге мүмкиншиликлер ҳәм жеңилликлер жаратыў ушын хызмет етеди.

 

Нурлыбай Жумабаев,

Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң жетекши қәнигеси.