Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-май күни «Өзбекстан нефть ҳәм гази» халықаралық көргизбеси илажларында қатнасыў мақсетинде мәмлекетимизге келген «Лукойл» компаниясының президенти Вагит Алекперовты қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, мәмлекетимиз нефть-газ тараўында жетекши болған усы Россия компаниясы менен нәтийжели бирге ислесиўдиң избе-из раўажланып атырғанын айрықша атап өтти.

Бүгинги күнде «Лукойл» компаниясының Өзбекстанда әмелге асырылып атырған қоспа жойбарларға киргизген инвестицияларының көлеми 7,5 миллиард доллардан асады.

Өткен жылдың апрель айында иске қосылған Қандим газди қайта ислеў комплекси жойбарда нәзерде тутылған қуўатлылық пенен ислей баслады. «Ҳовузак» ҳәм «Шоди» кәнлери, сондай-ақ, Қубла-Батыс Гисар кәнлери өзлестирилмекте.

Ушырасыўда өз-ара пайдалы бирге ислесиў перспективалары, соның ишинде, жаңа инвестициялық бағдарламаларды ҳәм жойбарларды таярлаў ҳәм «Лукойл» компаниясының мәмлекетимиздеги жумысын кеңейтиў мәселелери  көрип шығылды.

Вагит Алекперов Президентимизге шын жүректен қабыллағаны ҳәм қоспа жойбарларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ушын терең миннетдаршылық билдирди.

«Лукойл» компаниясы басшысы Өзбекстан менен нефть-газ тараўында узақ мүддетли ҳәм кең көлемли шерикликти және де раўажландырыўға таяр екенлигин атап өтти.

ӨзА