Өткен жылы тест сынақлары дәўиринде абитуриенттиң шахсын анықлаўда қолланылған усылларға қосымша түрде быйыл бармақ излерин алыў да қосылды. Сондай-ақ, тест сынақларына уялы байланыс қураллары, қосымша жәрдемши техникаларды киргизиўге болған ҳәрекетлер болғанын есапқа алып, быйыл тест өткерилетуғын имаратларға мобиль байланысты шеклейтуғын үскенелер де орнатылады, деп хабар бермекте ӨзА.

Мәмлекетлик тест орайы қәнигесиниң мәлим етиўинше, быйыл жоқары оқыў орынларына қабыллаў квоталары өткен жылдағыдан да көбирек болыўы жобаласытырлған. Бул процессте жоқары оқыў орны имканиятларынан келип шыға отырып, дифференциалластырылған формада төленетуғын төлемли шәртнама тийкарында оқыўды шөлкемлестириў де нәзерде тутылмақта. Бунда барлық жоқары оқыў орынлары өз мүмкиншиликлери ҳаққындағы мағлыўматларды усынғаннан соң, студентлердиң саны және де көбейеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.