Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!

Қәдирли дослар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлер менен жанажан Өзбекстанымызда, гөззал Сурхандәрья жеринде көрисип турғанымнан бахтиярман.

Ҳәммеңизди Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалының салтанатлы ашылыўы менен қызғын қутлықлайман.

Елимизде биринши рет өткерилип атырған бул көркем өнер байрамында дүньяның 74 мәмлекетинен 160 тан аслам ўәкиллери қатнаспақта. Олардың арасында белгили мәденият хызметкерлери, фольклор көркем өнери ғайраткерлери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери бар екенлиги бизге үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.

Бүгинги фестивалымызда қатнасып атырған ҳүрметли мийманларымыз: ЮНЕСКОның Азия ҳәм Тыныш океаны басқармасының баслығы Андрей Шевелевке, Ислам бирге ислесиў шөлкеми структурасы – АЙСЕСКОның Мәденият бойынша директоры Рхиати Салиҳқа, Жәҳән өнерментлер кеңеси Азия ҳәм Тыныш океаны регионының басшысы Гада Рида Хижжавиға, Қырғыз Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Султанбай Раевқа, Қазақстан Республикасы мәденият ҳәм спорт министри Арыстанбек Мухаметулына, Тәжикстан Республикасы мәденият министри Шамсиддин Орумбекзодаға, Түркменстан мәденият министриниң орынбасары Курбанмурат Мирадалиевқа, Аўғанстан Ислам Республикасы Балх ўәлаятының ҳәкими Муҳаммад Исҳоқ Рахгузар ҳәм басқа да сырт елли досларымызға терең миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.

Сиз, ҳүрметли мийманларымызды биз халқымыз ҳәм мәдениятымыздың жақын дослары сыпатында қабыл етемиз. Пүткил елимиз атынан бәршенизге шын кеўилден ҳүрметимизди билдиремиз.

Өзбекстанға хош келипсизлер!

Әзиз дослар!

Инсаният жаратқан бийбаҳа мәденият дурданалары ең дәслеп ҳәр бир миллеттиң фольклор көркем өнеринде жыйналғаны ҳәммемизге белгили. Түрли халықлардың миллий өзлигин, олардың тили ҳәм турмыс тәризин, дәстүри және үрпәдетлерин сәўлелендиретуғын бақсышылық көркем өнери улыўма адамзат мәдениятының ажыралмас бөлеги сыпатында бәршемиз ушын қәдирли болып есапланады.

Дүнья мәдений мийрасының бул өлмейтуғын шығармалары бизге инсанияттың шығысы, тарийхый тамырлары, уллы идеаллары бир екенин, түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниң келешекке қарай умтылыслары да бирдей екенин аңлатады.

Ҳәзирги ўақытта  глобалласыў дәўиринде, коммерция қуралына  айланған «ғалабалық мәденият», шоу-бизнестиң унамсыз тәсири барған сайын күшейип атырған қыйын заманда ҳәр қандай миллий мәденияттың булағы болған фольклор көркем өнерине итибар ҳәм қызығыўшылық, тиллекке қарсы, төменлеп атырғаны да сыр емес.  Фольклор көркем өнери, керек болса, булинсанияттың балалықтағы қосығы болып есапланады.

Мине усындай бийбаҳа ҳәм уллы көркем өнер бүгинги күнде тек ғана мәдений естелик үлгисине айланып, көп орынларда умытылып кетип атырғаны, қорғаў ҳәм қорғаўға мүтәж болып турғаны – бул да дәўиримиздиң ашшы ҳақыйқаты болып табылады. Бул ҳақыйқат усы гөззал ҳәм бийтәкирар көркем өнердиң ҳақыйқый пидайылары сыпатында сиз, әзизлерди ҳәммеден көре көбирек тәшиўишке салып атырғанына исенемен.

Сол себепли теңи-тайы жоқ руўхый байлығымыз болған классикалық көркем өнерди, халық дөретиўшилигиниң бийбаҳа үлгилерин қәстерлеп сақлаў ҳәм  раўажландырыў, оны келешек әўладларға зыян келтирмей жеткериў дүньядағы алдынғы пикирли илимпазлар ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлердиң, барлық мәденият халқының парызы болып есапланады.

Усы мәнисте, биз халық дөретиўшилигин, түрли үлкелерде бақсы, жарыў, ақын, манасшы, шайыр, ашық сыяқлы атлар менен аталатуғын, өз тымсалында ҳәм шайырлық, ҳәм сазенделик, ҳәм атқарыўшылық шеберлигин өзинде жәмлеген инсанлардың бийбаҳа қәбилетин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўымыз зәрүр. Бүгин өз жумысын баслап атырған Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы мине усындай үлкен ҳәм әҳмийетли мақсетке қаратылғанын айрықша атап өтпекшимен.

Бул бағдарда, дәслеп, бақсышылық көркем өнериниң илимий-теориялық ҳәм әмелий тийкарларын терең үйрениў және беккемлеў, оны миллий мәденияттың өзине тән «Миратнама қағазы»на айландырыў ушын биргеликте салмақлы жумыс алып барыўымыз керек.

Атап айтқанда, бақсышылық тараўында қәлиплескен дөретиўшилик мектеплери, «устаз-шәкирт» дәстүрлерин қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў, бақсы-шайырлар, фольклортаныўшы илимпазлар, оқытыўшы ҳәм қәнигелердиң дөретиўшилик және илимий жумысларын ҳәр тәреплеме хошаметлеў, мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери жанында бақсышылық дөгереклерин шөлкемлестириў, бақсы-шайырлар дөретиўшилигине кеңнен жол ашып бериў, той-тамашалар, түрли байрам ҳәм мәдений илажларда олардың турақлы қатнасыўын тәмийинлеў, усы бағдарда халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў, өз-ара тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў, бақсышылық көркем өнерин кеңнен үгит-нәсиятлаў ушын мәлимлеме-коммуникация технологияларынан, телевидение ҳәм Интернеттиң имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, фольклор шығармаларының аудио ҳәм видео вариантларын көбейтиў мақсетке муўапық болады.

Егер биз бул бийбаҳа көркем өнерди сақлап қалыў ушын бүгин ҳәммемиз биргеликте ҳәрекет етпесек, ертең тилекке қарсы кеш болады, келешек әўладлар, тарийх бизди кеширмейди.

Бул бағдарда Өзбекстанда кейинги жылларда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында қысқаша тоқтап өтиўге рухсат еткейсиз.

Елимизде халық көркем өнерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў мақсетинде белгили «Алпамыс» дәстанының мың жыллығы кеңнен белгиленди. Бүгин биз жыйналып турған гөззал майданда бул уллы көркем дөретпе ҳүрметине естелик орнатылды. Самарқанд қаласында белгили бақсыларымыз естелигине бағышланған естелик комплекси қурылды. Мәмлекетимиз тәрепинен «Өзбекстан Республикасы халық бақсысы» ҳүрметли атағы шөлкемлестирилди.

Термиз қаласында жаңадан шөлкемлестирилген бақсылар мектебинде, рсепубликамыздағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде жүзлеген жасларымыз миллий фольклор көркем өнерине меҳир қойып үйренбекте. Елимизде 100 томлық «Өзбек халық дөретиўшилиги естеликлери» китаплар сериясы басып шығарылмақта. Оның 59 томы халық дәстанларынан ибарат екенлигин атап өтиў керек. Сондай-ақ, көп томлық «Қарақалпақ фольклоры» топламы да басып шығарылды. Олардың ҳәммеси усы бийбаҳа көркем өнер руўхый турмысымызда айрықша орын ийелейтуғынлығынан дәрек береди.

Соның менен бирге, бақсы шайырлар тәрепинен атқарылатуғын шығармаларды жазып алыў, оларды илимий изертлеў турақлы түрде даўам етпекте. Тараўға тийисли китап ҳәм альбомлар, фильмлер, телекөрсетиўлер жаратылып атыр. Бақсыларымыз халықаралық таңлаўларда, сырт мәмлекетлерде өткерилип атырған Өзбекстан мәденият күнлеринде мүнәсип қатнасып атырғаны елимизди қуўандырады.

Әлбетте, бундай жетискенликлер өз-өзинен, бирден пайда болған емес.

Өзбек бақсышылық мектеби дүньяға Эргаш Жуманбулбул улы, Ислам шайыр, Фозил Йўлдош улы, Пўлкан шайыр, Бала бақсы, Есемурат жыраў, Шерна бақсы, Мардонақул Авлиёқул улы, Қодир бақсы Раҳимов сыяқлы белгили тулғаларды жетилистирип бергени менен ҳәр қанша мақтансақ та арзыйды. Бүгинги күнде әне усы дөретиўшилик дәстүрлер, олардың избасарлары болған Шомурод Тоғаев, Шоберди Болтаев, Абдуназар Поёнов, Қаҳҳор ҳәм Абдумурод Раҳимовлар, Қаландар бақсы, Гүлнара Алламбергенова, Ғайратдин Өтемуратов, Шодмон Хўжамбердиев, Илҳом Норов сыяқлы онлаған талантлы атқарыўшылар тәрепинен және де байытылмақта.

Усы қуўанышлы байрамда бақсышылық көркем өнерин илимий үйрениўдей әҳмийетли иске үлкен үлес қосқан белгили шайыр Ҳамид Әлимжан, Ҳоди Зариф, Музайяна Алавия, Мансур Афзалов, Буюк Каримий, Зубайда Ҳусаинова сыяқлы илим ғайраткерлериниң естелигин ҳүрмет пенен еске аламыз. Бүгин олардың жумысларын мүнәсип даўам еттирип атырған Тўра Мирзаев, Жалғас Хошниязов, Сафарбой Рўзимбоев, Шомирза Турдимов, Маматқул Жўраев, Тоштемир Турдиев, Жаббор Эшонқулов ҳәм басқа да жанкүйер илимпазларымыздың атларын миннетдаршылық пенен тилге аламыз.

Ҳәзирги ўақытта өзбек миллий фольклор көркем өнерин терең үйренип, оны дүнья көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлап киятырған кореялы Инг-Ёнг О, германиялы Карл Райхл, түркиялы Фикрат Туркман, Селами Фидакор сыяқлы сырт елли илимпазларға шын жүректен рахмет айтамыз.

Қәдирли фестиваль қатнасыўшылары!

Әлбетте, биз бул абырайлы конференцияны әййемги ҳәм нәўқыран Сурхан үлкесинде өткерип атырғанымыз тегиннен емес.

Сурхандәрья дегенде, дәслеп, уллы данышпанларға, уламаларға ўатан болған, мәрт ҳәм ҳүрметли, ар-намыслы ел жасайтуғын теберик жер көз алдымызда сәўлеленеди. Әййемги Зараутсай ҳәм Тесиктас үңгирлери, Бабатаў ҳәм Байсындағы петроглиф сүўретлер, Бактрия ҳәм Кушан сыяқлы мәмлекетлер Далварзинтепа, Кампиртепа, Халшаян сыяқлы бийбаҳа естеликлер бул жердеги әййемги цивилизация ҳәм мәмденияттан дәрек береди.

Оазистиң гөззал тәбиятын, Алтынсай, Сангардак, Хонжизза, Сайроб, Дарбанд сыяқлы сулыў орынларын бир рет көрген, шексиз далаларда бақсылардан дәстан ҳәм термелер тыңлаған инсан бул диярға бир өмир ашық болып қалады.

Сурхандәрья – бақсылар ели сыпатында аталған. Мәмлекетимиздиң Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Самарқанд, Жиззақ, Хорезм ўәлаятлары менен бир қатарда Сурхандәрья, атап айтқанда, Шеробод дәстаншылық мектеби пүткил регионымызға белгили ҳәм атақлы.

Халқымыздың пидайы мийнети менен Сурхандәрья Өзбекстанның абат аймақларынан бирине, заманагөй илим, мәденият ҳәм туризм орайына, мине енди халықаралық бақсышылық көркем өнери орайына айланып атырғаны ҳәммемизди қуўандырады.

Көркем өнер ҳәм музыканы шын кеўилден жақсы көретуғын, дөретиўши инсанларды қәдирлейтуғын Сурхан ели усы конференцияны үлкен қуўаныш пенен күтип алмақта.

Бүгинги илажымызда дүньяның узақ ҳәм жақын мәмлекетлеринен келген онлаған белгили бақсылар, фольклор топарлары, тараўдың жанкүйер ғайраткерлерин көрип турғанымыздан жүдә қуўанышлымыз.

Келиң, әзиз дослар, оларды шын жүректен қутлықлап барлығына дөретиўшилик табыслар тилеп, ҳүрмет ҳәм алғысларымызды билдирейик!

Ҳүрметли ўатанласлар!

Әзиз мийманлар!

Сизлердиң қатнасыўынызда ашылып атырған усы фестиваль дүньядағы ең абырайлы көркем өнер әнжуманлары қатарынан беккем орын ийелейди, деп исенемен.

Бақсылар тек халық өтмишиниң сазасы емес, ал соның менен бирге бүгинги күнниң де жаңлаған ҳаўазы.

Гөззал елимиздиң турмысы менен танысқан сиз, әзизлер өз пикир ҳәм сезимлериңиз ҳаққында, кеңпейил ҳәм миймандос халқымыз, оның мәденияты ҳәм бийтәкирар қәдирияты ҳаққында жаңадан-жаңа қосық ҳәм дәстанлар дөрететуғыныңызға тилеклеспиз.

Фестиваль шеңберинде өткерилетуғын халықаралық илимий-әмелий конференция жумысына табыслар тилеймен.

Пурсаттан пайдаланып, бүгинги байрамымызда қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерине, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине шын жүректен  миннетдаршылық билдиремен.

Әзиз ўатанласлар!

Бүгинги көркем өнер ҳәм әжайып байрамды көтериңки руўхта өткериў ушын аянбай мийнет еткен барлық инсанларға миймандос және ҳүрметли Сурхандәрья халқына шын жүректен миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға бахыт, жаңа табыслар яр болсын!

Итибарыңыз ушын рахмет.