Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан   Республикасы  Экология ҳәм қоршаған орталықты  қорғаў  комитетиниң хызметкерлери тәрепинен нызамсыз түрде аң аўлаў, боян тамырын қопарып алыў ҳәм басқа да усы сыяқлы нызамбузыўшылықларды анықлаў мақсетинде турақлы түрде рейд илажлары әмелге асырылмақта.

– Жақында, тийисли хызметлер менен биргеликте Тахтакөпир  районы аймағында рейд жумыслары алып барылғанында, гүман туўдырғаны ушын  мәмлекетлик  белгиси  90 О 516 КА  Дамас  маркалы  автомашина иркип тексерилди,-дейди комитеттиң  инспекция  бас қәнигеси  М.Рысназаров. – Онда Хорезм ўәлаятының  Гүрлен   районында жасайтуғын бир неше пуқара өзлерине тийисли  болған  аў мылтықлары  менен 1 дана  қарабай, 5 дана үйрек, 1 дана шордалаң қусларын аўлап алып киятырғаны анықланды ҳәм тийисли ҳүжжетлер толтырылды.

Тәбиятқа келтирген зыяны ушын бул пуқараларға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 10-октябрьдеги 290-санлы  қарарының 2-бөлим  14-қосымшасына муўапық, 1317745  сум муғдарында  зыян  белгиленип,  бул бойынша топланған материаллар  Тахтакөпир  районлық Ҳәкимшилик Судына  жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.