Усы жылдың 23-24-август күнлери Мойнақта сырт елли ҳәм жергиликли музыкантлар қатнасыўында заманагөй музыка фестивалы болып өтеди, деп хабар берди «Дарё» басылымы.

«Тәбийғый күш» деп аталған бул фестиваль Арал теңизи машқаласына арналады. Фестиваль дәстүрге муўапық Мойнақтағы «Кемелер қойымшылығы»нда болып өтеди. Онда Германия, Япония, Швеция, Дания, Россия, Қазақстан ҳәм Украина сыяқлы мәмлекетлердиң музыкантлары, «DJ» ҳәм продюсерлери қатнасыў нийетин билдирген.

Заманагөй музыка фестивалында абстракт электро, эмбиент және техно музыка жанрындағы композициялар жаңлайды.

Еслетип өтемиз, бул фестиваль дәслепки мәрте 2018-жыл сентябрь айында өткерилген еди. Фестивальға қатнасыў ушын 200 ге шамалас сырт елли туристлер ҳәм 5 мыңға шамалас жергиликли халық ўәкиллери келген еди. Фестивальда Goethe Institute, British Council, USAID, UNDP сыяқлы халықаралық шөлкем ўәкиллери де қатнасқан еди.

Були лаж Арал теңизи машқаласына арналған болып, фестиваль мүнәсибети менен дүньяның бир неше ҒХҚларында, соның ишинде, The Times, The Guardian, Al-Jazeera, Lonely Planet, The Jakarta Post, The Arab News, Electronic Beats сыяқлы басылымлар, усы аймақта жүз берген тәбийғый апатшылық машқаласын және бир мәрте көтерип шығыўы күтилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги