Нөкис районы ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис районлық Кеңеси басламасы менен район орайындағы Дарсан көшесинде «Көше китапханасы» шөлкемлестирилди.

– Бул китапханада 80 нен аслам китаплар бар. Оқыўшылар усы китаплар арасынан өзлерине керекли китапларды алып оқыўына имканият жаратылды. Олар китапларды оқып болып, және усы жерге алып келип қояды, – дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис районлық Кеңеси баслығы Қуўаныш Моятдинов.

Китапханаға райондағы қәлеўшилер өзлери усыныс ететуғын китапларын алып келиўи де мүмкин. Бул жаслардың еледе билимли болып, олар арасында китапқумарлықты ен жайдырыўға хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев усы жылдың 19-март күни жаслар тәлим-тәрбиясы ушын қосымша шараятлар жаратыў, олардың руўхый дәрежесин жоқарылатыў, жаслар арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў мәселелери бойынша жыйналыс өткерген еди.

Усы мақсетлерден келип шығып Нөкис районында «Көше китапханасы» шөлкемлестирилди.

Бул республикамыздағы биринши усындай китапхана болып есапланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.