USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

БЕС БАСЛАМА БОЙЫНША БАҒДАРЛАМАЛАР ЖАСЛАР ҲӘМ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ МӘПЛЕРИНЕ ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-апрель күни жаслар тәлим-тәрбиясы ушын қосымша шараятлар жаратыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин арттырыўға қаратылған комплексли илажларды өз ишине алған бес басламаны әмелиятқа енгизиў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Бурын хабар етилгениндей, 19-март күни бул бағдарда видеоселектор  мәжилиси өткерилип, бирлемши ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Оларға муўапық ҳәр бир баслама бойынша илажлар бағдарламаларының жойбарлары ислеп шығылды.

Мәжилисте усы бағдарламаларға киргизилген усыныслар, оларды әмелге асырыў механизмлери додаланды.

Атап айтқанда, биринши баслама бойынша жасларды мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерине кеңнен тартыўға байланыслы бағдарлама жойбары таярланған. Оған муўапық, 2019-2020-жылларда 14 тен 30 жасқа шекемги 2 миллион жасты мәденият ҳәм көркем өнер тараўына тартыў бойынша аймақлық «жол карта»ларын тастыйықлаў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде қосымша класслар, мәденият орайларында саз әсбаплары, вокал, сүўретлеў өнери дөгереклерин, ҳәўескерлер театр жәмәәтлери ҳәм балалар ансамбльлерин шөлкемлестириў белгиленген. Жаңадан қурылатуғын, реконструкцияланатуғын ҳәм капитал оңланатуғын және үскенеленетуғын мәденият орайларының мәнзилли дизими де қәлиплестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы бағдарлама жойбарында илажларды әмелге асырыў  мехинизмлери жеткиликли емеслигин, ҳәр бир қала ҳәм районға дөретиўшилик мәсләҳәтши сыпатында бириктирилген тараў ўәкиллериниң әмелий ўазыйпалары анық белгиленбегенин атап өтти. Аймақлық «жол карта»ларының орынланыўын системалы шөлкемлестириў, дөгерек ҳәм классларға қамтып алынған балаларды хошаметлеў, соның ишинде, ҳәр қыйлы таңлаўлар өткериў зәрүрлигин атап өтти.

Белгиленген қурылыс, реконструкция ҳәм капитал оңлаў жумыслары, сондай-ақ, мәденият орайлары, музыка ҳәм көркем өнер мектеплерин зәрүр саз әсбаплары менен тәмийинлеў ушын тийисли қаржы ажыратыў бойынша тапсырма берилди.

Екинши баслама бойынша таярланған жасларды денетәрбия ҳәм спортқа тартыў, спорт объектлериниң қуўатлылығын арттырыўға қаратылған бағдарлама жойбарында жақын 2 жылда ҳәр бир районда жеңил конструкциялы, сендвич панелли киши спорт залларын қурыў белгиленген.

Президентимиз әмелдеги ҳәм жаңадан қурылатуғын спорт объектлерине халықты ҳәм жасларды кеңнен тартыў, ғалаба спорт илажларын өткериўди буннан былай да көбейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Үшинши басламаға муўапық халық ҳәм жаслар арасында  компьютер технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыў илажларына байланыслы бағдарлама жойбары ислеп шығылған. Онда 2019-2020-жылларда район ҳәм қалаларда цифрлы технологиялар оқыў орайларын шөлкемлестириў ҳәм оларда бийпул билим бериў, 19 мыңға шамалас социаллық тараў объектин жоқары тезликтеги интернет тармағына жалғаў нәзерде тутылған.

Мәжилисте халықтың компьютер саўатлылығын арттырыў, мәлимлеме технологияларына қызыққан балалардың потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм қәнигели кадрлар дәрежесине алып шығыў, программалық өнимлер жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Жаслардың руўхый дүньясын байытыў, олар арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў илажлар бағдарламасының жойбары төртинши басламаның мақсетлерин әмелге асырыўға қаратылған. Оған бола, ҳәр бир аймаққа 1 миллион данадан көркем, тарийхый, илимий, көпшилик атамалардағы китаплар жеткерип бериў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, мәлимлеме-китапхана орайларын реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў, исбилерменлер тәрепинен халық китапханаларын ашыў да белгиленген.

Бесинши баслама бойынша аймақларда тигиў-трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў илажлар бағдарламасының жойбары таярланған. 2019-2020-жылларда ҳәр бир районда жеңил конструкциялы тигиў-трикотаж кәрханаларын қурыў ҳәм ҳаял-қызлар ушын жумыс орынларын жаратыў нәзерде тутылмақта.

Мәжилисте бул кәрханаларды пухта есап-санақ тийкарында шөлкемлестириў, оларда ислеп шығарылатуғын өнимлер базарын, яғный анық  қарыйдарын табыў бойынша усыныслар билдирилди.

Додаланған мәселелерге байланыслы жуўапкерлердиң мәлимлемелери тыңланып, бағдарламалардың жойбарларын буннан былай да жетилистириў бойынша анық көрсетпелер берилди.

ӨзА