Усы жылдың 2-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы «Динамо» денетәрбиясы ҳәм спорт жәмийетинде Қарақалпақстан Республикасы ҳуқық қорғаў уйымлары арасында спорттың жеңил алетика түринен спорт жәмийети бириншилиги болып өтти.

Жарысқа ҳуқық қорғаў уйымларынан жәми 15 команда қатнасты.

Жарыс жуўмақларына муўапық, 100, 400 метрге жуўырыў ҳәм 400 метрге эстафета жарысларында 1-орынды ийелеген Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасы сайланды командасы командалық есапта 1-орынды ийеледи.

Жеңимпазларға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.