Американың Fotography Life шөлкеми дүньяға белгили National Geographic басылымы ушын Өзбекстанда кең көлемли сүўретке алыў жумысларын алып барады. Бул ҳаққында «Дарё» хабар берди.

Фотографлар 24 күн даўамында Өзбекстанның барлық ўәлаятларына, солар қатарында Қарақалпақстанға да келип, ең жақсы туристлик орынлар ҳәм бағдарларды сүўретке алады.

Делегацияның келиўи Өзбекстан Республикасының барлық ўәлаят ҳәкимликлери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жәрдеминде Өзбекстан Республикасының Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен шөлкемлестирилмекте.

National Geographic журналы – 1888-жылы октябрь айында шөлкемлестирилген. АҚШ Миллий географиялық жәмийетиниң рәсмий басылымы болып есапланады. Журнал дүньядағы көплеген мәмлекетлерде ҳәм ҳәр қыйлы тиллерде басып шығарылады. Бул басылым география, тәбият, тарийх, илим ҳәм мәденият тараўлары бойынша көплеген фотосүўретлер сәўлелендирилген мақалалар ушын арналған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.